Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында Өзбекстан Республикасы Президентиниң бес әҳмийетли басламасы шеңберинде улыўма орта билим бериў мектеплери арасында быйылғы жылдың июнь-ноябрь айлары даўамында көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары ҳәм китапқумарлық бағдарлары бойынша болып өткен таңлаўдың Өзбекстан Республикасы басқышында жеңимпаз болған ҳәм белсене қатнасқан оқыўшыларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Нарымбетов сөзге шығып, жеңимпазларды қутлықлады ҳәм бүгинги күнде жасларымызға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде жасларға итибарды және күшейтиў, оларды мәдениятқа, көркем өнерге, денетәрбия ҳәм спортқа кеңнен тартыў, жасларда мәлимлеме технологияларынан пайдаланыў көнликпелерин қәлиплестириў, олар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылып, Президентимиз тәрепинен усы бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде бес баслама ислеп шығылған.

«5 баслама – көркем өнер менен» сүрени астында «Жаслар театр студиялары» фестиваль-таңлаўында биринши орынды Төрткүл районындағы 17-санлы мектеп, екинши орынды ийелеген Хожели районындағы 4-санлы мектеп, үшинши орынды ийелеген Нөкис районының 22-санлы мектеп командалары жеңимпаз болған еди.

«5 баслама –спорт пенен» сүрени астында стритбол бойынша өткерилген спорт жарысларында ул балалар арасында Нөкис районы 31-санлы мектептиң командасы биринши, Әмиўдәрья районының 33-санлы мектеп командасы екинши, Қоңырат районындағы 31-санлы мектеп командасы үшинши орынды жеңип алды. Ал, қызлар арасында Нөкис қаласының 22-санлы улыўма орта билим бериў мектеби командасы биринши, Нөкис районындағы 26-санлы мектеп командасы екинши ҳәм Әмиўдәрья районының 32-санлы мектебиниң командасы үшинши орынларға ылайық көрилген еди.

Роботлар беллесиўи бойынша Кегейли, Хожели ҳәм Бозатаў районларының командалары биринши, екинши, үшинши орын жеңимпазлары болды.

«5 баслама – китап пенен» сүрени астында «Китапқумар мектеп» таңлаўында биринши орынды Елликқала районындағы 47-санлы мектеп, екинши орынды Қараөзек районындағы 33-санлы мектеп, үшинши орынды Хожели районындағы 4-санлы мекте жеңип алған еди.

Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Буннан соң пән дөгереклери жеңимпазлары да сыйлықланды.

Илаж қатнасыўшыларына республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.




Қарақалпақстан хабар агентлиги