Өзбекстан сыртқы ислер министрлиги Аўғанстандағы «Жиҳодия» медресесинде әмелге асырылған терроршылық ҳәрекетин кескин қаралап, баянат берди, деп хабар бермекте Газета.уз.
Ҳәдийсе ақыбетинде 35 адам қайтыс болғаны, 23 адам жарақатланғаны айтылмақта. «Талибан» ҳәрекети ҳәзирге шекем жарылыў ҳаққында мақлыўмат бермеген. Емлеўханалардағы дәреклерге бола, жарылыў қурбанларының көпшилиги студентлер болған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги