Өзбекстан жаслар аўқамы Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының басланғыш шөлкеми тәрепинен «Ittifoq_fest» айлығы шеңберинде биринши мәрте «Мунозара» интеллектуаллық ойыны өткерилди.

Қызғын өткен беллесиўлерде филиалдың 20 дан аслам студентлери беллести.



-Еркин пикирлейтуғын, турмыслық позицияға ийе жасларды тәрбиялаў, оларда системалы анализлеў, логикалық пикирлеў ҳәм шебер таллаў қәбилетлерин раўажландырыў, ораторлық шеберлигин қәлиплестириў, бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде филиалымызда интеллектуаллық ойын шөлкемлестирилди, -дейди филиалдың басланғыш шөлкеми баслығы А.Шерипбаев. – Көтериңки руўхта өткен беллесиўде студент-жасларымыз усындай ойынларда қатнасыў бойынша өзлериниң тәжирийбесин арттырды.

Ойын жуўмағында «Ветеринарлар» командасы биринши орынды қолға киргизди. Жеңимпаз команда «Ittifoq_fest» айлығы жуўмағында сыйлықланады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги