Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Президент Владимир Путинниң мирәт етиўине бола, Россияға рәсмий сапар менен барды.
Бул Тоқевтың жақында президентликке сайланғанынан соң, сырт елге биринши рәсмий сапары болып есапланады.
Ақорда 28-ноябрь күни еки мәмлекет басшылары арасында сөйлесиўлер өткерилиўин мәлим етти.
Буннан тысқары, президентлер видеоконференцбайланыс арқалы Қазақстан ҳәм Россия аймақлар аралық бирге ислесиў форумында қатнасады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги