Қасым-Жомарт Тоқаев Коллективлик қәўипсизлик кеңесиниң сессиясында Украина әтирапындағы урысты шешиўдиң тыныш жолларын излеўге шақырды, деп жазбақта Казинформ.

«Украина мәселесине келетуғын болсақ, тынышлық формуласын бирлесип излеў ўақты келди, деп ойлайман. Қәлеген урыс тынышлық келисими менен жуўмақланады. Келисимге келиўдиң қәлеген мүмкиншилигин пайдаланыў керек. Стамбулдағы сөйлесиў раунды үмит оятқан еди, бирақ ҳәр қыйлы себеплер менен келисим иске аспады. Онлаған, жүзлеген жылларға созылатуғын өкпе-гийнеден туўысқан рус ҳәм украин халықлары арасының узақласыўына жол қоймаў керек», – дейди Қасым-Жомарт Тоқаев.

Қарақалпақстан хабар агентлиги