Қазақстан Республикасы Халықаралық қатнасықлар, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик комитетиниң баслығы россиялы сиясаттаныўшы Дробницкийдиң Соловьевтиң шоуында  айтқан «Ендиги мәселе Қазақстан болыўы мүмкин. Себеби миллетшилик дәстүрлери сол жерде де басланыўы мүмкин» деген сөзине Россия Федерациясы Федерал ҳүкимети тәрепинен объектив жуўап күтетуғыны айтылмақта.

Бул ҳаққында Казинформ хабар бермекте.

«Егер ол Евразия экономикалық аўқамы менен КҚКШ-да биз бенен бирге турған өзимизге дос Россияның мәмлекетлик каналы эфиринде берилмесе, елеспесиз эксперт-фантаст Дробницкий-Жуковтың пикирине нәзер аўдармайтуғын едик. Россиялы сиясатшылардың усындай астын сызып кететуғын, мақсетли ҳүжимлери Соловьевтиң шоуында бурыннан системалы жалғасып киятыр, олар Россия Федерациясының федераль ҳүкимети тәрепинен объектив жуўапқа ылайық», деп баҳа берди Қазақстан Республикасы Халықаралық қатнасықлар, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик комитетиниң баслығы.   

Қарақалпақстан хабар агентлиги