Индонезияның Ява атаўында жүз берген күшли жер силкиниўде жәбирленгенлердиң  саны 162 адамға жетти.

Батыс Ява губернаторы  Ридван Комил қайтыс болғанлардың көпшилиги  мектеп оқыўшылары екенин айтты. Оған бола, жер силкиниў нәтийжесинде баспанасынан айырылған 13 мыңнан аслам пуқара эвакуация орайларына алып келинген.

21 – ноябрь күни  Индонезияның Ява атаўында 5, 6 магнитудалы жер силкиниў жүз берди. Индонезия метеорология, геофизика агентлиги кеминде 25 жер силкиниў жағдайын белгиледи. Жер силкиниў дәреги 175 мыңға жақын халқы болған Чианжур қаласы жанында жайласқан. Усы атамадағы аймақ халқы 2, 5 миллионнан  асады.

Индонезияда тез-тезден жер силкиниўлер болмақта. Усы жылдың февраль айында Батыс Суматра провициясында жүз берген 6, 2 магнитудалы жер силкиниў ақибетинде 25 адам қайтыс болды, 460 тан артық адам жарақатланды. 2021 –  жылдың январь айында Батыс Сулавеси провинциясында 6, 2 магнитудалы жер силкиниў ақыбетинде 100 ден артық адам қайтыс болған, 6,5 мыңға жақын адам жарақатланған еди.


Муслатдинова Фарида,

ҚМУ дың интернет журналистика тәлим бағдары студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги