Twitter тармағының жаңа ийеси Илон Маск тәрепинен өткерилген сораўнама қатнасыўшылары  бурынғы АҚШ президенти Доналд Трамптың жеке бетин тиклеў   ушын даўыс берди. Нәтийжеде Трамптың аккаунты блоктан шығарылды.

Бурынғы президенттың жеке бети 2021-жыл 8-январьда, Трамп тәрепдарлары Конгресстиң Жо Байдениң президентлик жеңисин тастыйықлаўына тосқынлық етиў мақсетинде Капитолийға бастырып киргеннен соң еки күн өтип блоклап қойылған еди. Қайта тикленген бетте Трамп еле ҳеш нәрсе жазбаған.

Масктың сораўнамасында 15 миллионнан артық адам қатнасты. Олардың 52% ти Трамптың аккаунттын қайта тиклеў тәрепдары екенин билдирген.

Хамре Қдырбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги