Самарқанд қаласында «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» форматындағы Министрлер ушырасыўы болып өтти.

Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери сыртқы сиясат уйымларының басшылары ҳәм ўәкиллери сиясий-дипломатиялық, саўда-экономикалық, инвестициялық, суў-энергетика, экологиялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда еки регион арасындағы қатнасықтың ҳәзирги жағдайы ҳәм раўажланыў перспективасын додалады.

Мәмлекетимиздиң сыртқы ислер министри Владимир Норов бул әнжуманның Самарқандта өткерилиў қарары Орайлық Азия, атап айтқанда, Самарқанд қаласының регионлараралық қатнасықлардағы жаңа «хаб» сыпатында геосиясий әҳмийети артып атырғанынан дәрек екенин атап өтти.

Өзбекстан Европа Аўқамы менен өз-ара пайдалы байланысты кеңейтиўден мәпдар екенлиги атап өтилди. Республика Европа Аўқамының 2019-жылы  қабыл етилген Орайлық Азия бойынша стратегиясын толық қоллап-қуўатлайды. Усы көзқарастан, бул стратегияны әмелге асырыўды тезлестириў ушын биргеликтеги «Жол картасы»н қабыл етиў зәрүр екенлиги мәлим етилди.

Самарқандтағы Министрлер ушырасыўы регионлараралық сөйлесиўдиң жаңа күн тәртибин ислеп шығыўға ҳәм узақ мүддетли келешекте нәтийжели бирге ислесиўдиң анық жойбарларын белгилеў имканиятын беретуғынына исеним билдирилди.

Ғайрат Хонназаров,

Дониёр Ёқубов (сүўрет),

ӨзА