Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев аймақты социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Қоңырат районында болды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы дәслеп райондағы Бостан мәкан пуқаралар жыйынындағы қурылыс жумыслары белгиленген графиктен артта қалып атырған районлық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби имаратын барып көрди. Қурылыс жумыслары өз ўақтында жуўмақланғанда бул жерде балалар бес бағдар бойынша шуғылланыў мүмкиншилигине ийе болатуғынлығы атап өтилип, бул бойынша тийисли тараў ўәкиллерине қатаң тапсырма берилди.
Буннан соң, район белсендилери, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиӊ, министрликлер, басқармалар, шөлкемлердиң басшыларыныӊ қатнасыўында мәжилис болып өтти.
Онда район халқының күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар атап өтилиўи менен бир қатарда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.
Районда айырым тараўлар, соның ишинде, қурылыс бағдарында бир қанша қәте-кемшиликлерге жол қойылған. Атап айтқанда, райондағы Санаат ҳәм Жайхун көшелерин абаданластырыў, пиядалар ҳәм велосипед жолларыныӊ қурылысы, Қыпшақ пуқаралар жыйыны аймағындағы 24-санлы улыўма билим бериў мектебиниң реконструкция жумыслары, усы аймақта жаңадан балалар бақшасы имаратын қурыў сыяқлы бир қатар қурылысларда кемшиликлерге жол қойылған.
Сондай-ақ, айырым ҳәким жәрдемшилери тәрепинен пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың өз исбилерменлигин жолға қойыўы ушын ажыратылатуғын жеңиллетилген кредит қаржыларын мақсетсиз жумсап жибериў жағдайлары анықланған.
Мәжлисте район ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары өз ўазыйпасын атқарыўдағы кемшиликлер ушын ийелеп турған лаўазымынан босатылды, Район ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳəм кəмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарына интизамий жаза шарасын қолланыў бойынша тапсырма берилди. Соның менен бирге, 22 ҳәким жәрдемшисиниң жумысларындағы кемшиликлерди ҳәр тәреплеме үйренип, ҳуқықый баҳа бериў бойынша тийисли уйымларға тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, районда бюджет қаржыларын талан-тараж етиў, бир қатар тәмийнатшылар тәрепинен жеңиллетилген кредит қаржыларын өз мәпи ушын жумсап жибериў, мәмлекетлик бағдарламалар шеңбериндеги жумысларды талап дәрежесинде алып бармаў, ишимлик суў, газ, электр тәмийнаты, транспорт хызмети сыяқлы бир қатар тараўлар қатаң сынға алынды. Пуқаралардыӊ мүрәжатлары менен ислесиў де талап дәрежесинде емеслиги атап өтилди. Соның менен бирге, жумысшы топар тәрепинен үйренилген райондағы мәмлекетлик ҳәм шаңарақлық бақшалар жумысларындағы кемшиликлер атап өтилди.
Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында тастыйықланған мәнзилли бағдарлама бойынша Қарақалпақстанда 2022-2023-жылларда 252 пуқаралар жыйынындағы жәми 259 объектте қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 293,7 миллиард сумлық қаржылар ажыратылмақта. Соның ишинде, тек ғана Қоңырат районы бойынша 25 жойбарда 28 миллиард 109 миллион сумлық реконструкция, қурылыс-оңлаў ҳәм суў тармақларын тартыў жумыслары әмелге асырылады. Соннан быйылғы жылдыӊ жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеўге жәми 15,7 миллиард сум қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги