Усы жылдың 16-ноябрь күни Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева ЮНИСЕФтиң Европа ҳәм Орайлық Азия еллери бойынша регионаллық директоры Афшан Хан ханым менен ушырасты.
Сөйлесиў даўамында Өзбекстанның ЮНИСЕФ пенен бирге ислесиўиниң перспективалары, атап айтқанда, балаларды социаллық қорғаў, олардың саламатлығын қорғаў ҳәм сапалы тәлим-тәрбия алыў бағдарындағы кең көлемли бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Сенат Баслығы бул ушырасыў Өзбекстан ҳәм ЮНИСЕФ арасында орнатылған конструктивлик бирге ислесиўдиң логикалық даўамы екенин атап өтип, Өзбекстанда балаларды социаллық қорғаў, олардың саламатлығын беккемлеў ҳәм сапалы тәлим-тәрбия алыў бағдарында кең көлемли бағдарламаларды әмелге асырыўда Қордың БМШ системасындағы салмақлы орнын атап өтти.
Өз гезегинде, Афшан Хан Ташкентте өткерилген Киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм билим бериўге бағышланған II Пүткил жер жүзилик конференциясының ҳәр тәреплеме нәтийжели өткени, Өзбекстанда бул тараўда мәмлекет басшысы дәрежесинде қаратылып атырған итибар себепли салмақлы жетискенлик ҳәм шеклерге ерисилип атырғанын атап өтти.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм ЮНИСЕФ арасында өз-ара пайдалы биргеликтеги жойбар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўда бирге ислесиўди күшейтиўге келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги