Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 31 жыллық сәнеси ҳәм елимиз бойлап өткерилип атырған “Кеңпейиллик фестивалы” ҳәптелигине бағышланып, оқыўшылар арасында сүўретлеў өнери бойынша “Желбирер көкте байрағым” атамасында таңлаў өткерилди.

Онда мектеп оқыўшылары мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң тымсалы болған байрақтың ҳәр қыйлы көринистеги келбетин көркемлеп, шырайлы түрде салыўға ҳәрекет етти.


Таңлаў жуўмағында төрешилер тәрепинен биринши орынға 6-г класс оқыўшысы  Бийбимәрьям Байниязова ылайық деп табылды. Ал, екинши орынды 7-а класс оқыўшысы  Айзада Караматдинова ҳәм Шамурат Хожамуратовлар ийелеген болса, 3-орынға 6-в класс оқыўшысы Меҳрибан Шаназарова, 5-а класс оқыўшысы  Назира Алламбергенова ҳәм  Гүлайым Омаровалардың салған сүўретлери мүнәсип деп табылды.

Таңлаў жуўмағында жеңимпаз оқыўшылар мектеп ҳәкимшилиги тәрепинен Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.


Әлбетте, өткерилген бул таңлаў оқыўшыларды Ўатансүйиўшиликке тәрбиялаўда айрықша орын ийелейди деп ойлаймыз.

 

Гүлмира Нурлепесова,

Шымбай районлық ХББға қараслы 17-санлы

 улыўма орта билим бериў мектеби муғаллими.

Қарақалпақстан хабар агентлиги