Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-ноябрь күни Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ) бас хаткери Хельга Шмид пенен сөйлесиў өткерди.

ЕҚБШ менен усы шөлкем жумысының үш – экономикалық-экологиялық, сиясий ҳәм гуманитарлық бағдарлардың барлығында бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери додаланды.

Кейинги ўақытта байланыслардың жеделлескени, ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиў раўажланып баратырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара бирге ислесиўге 30 жыл толған усы жылдың өзинде Өзбекстанға ЕҚБШның әмелдеги баслығы Збигнев Рау ҳәм ЕҚБШның Миллий азшылықлар мәселелери бойынша Жоқары комиссары Қайрат Абдураҳмонов келди. Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросы, Парламент ассамблеясы ҳәм ЕҚБШның ҒХҚ еркинлиги бойынша ўәкили менен нәтийжели бирге ислесиў алып барылмақта.

Жаслар арасында санлы көнликпелерди раўажландырыў бойынша ҳәм 2026-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген Терроршылық ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў стратегиясы шеңберинде биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.

Сөйлесиў даўамында ЕҚБШ структураларының эксперт жәрдеми, әсиресе, Өзбекстанда демократиялық реформаларды даўам еттириў ҳәм пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў мәселелринде үлкен орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Экономика ҳәм экология бағдарларындағы бирге ислесиўди күшейтиў, «жасыл» экономика, санластырыў, киши бизнес ҳәм экология тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Регионаллық ҳәм халықаралық қәўипсизликтиң әҳмийетли машқалалары додаланып, қоңсы Аўғанстандағы жағдайға айрықша итибар қаратылды. Аўған халқының әҳмийетли гуманитарлық мүтәжликлерин тәмийинлеўге байланыслы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды.

ӨзА