Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасының мағлыўматларына қарағанда, республикамыз бойынша бюджетке түсимлердиң орынланыўы нәтийжели әмелге асырылмақта.
– Бул бойынша 2022-жыл январь-сентябрь айлары ушын 1 триллион 515 миллиард сумлық реже белгиленген еди,-дейди Мәмлекетлик салық басқармасының бөлим баслығы С.Сабиров. – 9 айдың жуўмағы менен 1 триллион 671,1 миллиард сумлық түсим тәмийинленген. Быйылғы тоғыз айлық реже 110,3 процентке орынланып, яғный, 156,1 миллиард сумлық қосымша түсимниң түсиўи тәмийинленген.
Өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 418,6 миллиард сумлық артықша қаржы өндирилип, түсимлер муғдарының 133,4 процентке өсиўине ерисилди. Өткен жылғы январь-сентябрь айларындағы түсим 1 триллион 252,5 миллиард сумды қураған.
Ал, быйылғы үшинши шерек ушын 514,7 миллиард сумлық түсим түсирилиўи режелестирилген болып, шерек жуўмағы менен 595,6 миллиард сумлық түсим тәмийинленген. Шереклик реже 115,7 процентке шамалас, яғный, 80,8 миллиард сумлық қосымша түсим тәмийинленди. 156,2 миллиард сумлық артықша қаржы өндирилип түсимлер муғдары өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 135,5 процентке өсиўине ерисилди. Өткен жылғы үшинши шеректеги түсим 439,4 миллиард сумды қураған еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги