Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев республикамыздың ең шетки аймақларында жасаўшы халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларын үйрениў ҳәм оларға шешим табыў мақсетинде  жеке қабыллаўлар өткерип келмекте.

Гезектеги ушырасыў Қоңырат районы Қарақалпақстан посёлкалық пуқаралар жыйынынан 60 километр узақта жайласқан Бостан елатлы пункти турғынлары менен болып өтти.




Онда пуқаралар тәрепинен бир қатар мәселелер көтерилип, мүрәжатлар билдирилди. Атап айтқанда, студент-жаслардың шәртнама пулларын төлеп бериў, мобилизациялық шақырыў резерви әскерий хызмети ушын төлемлерди әмелге асырыў, Ташкент қаласында емленип қайтыў ушын жоллама бериў сыяқлы мүрәжатлар Жоқарғы Кеңестиң Баслығы тәрепинен сол ўақыттың өзинде шешип берилди.
Ушырасыў даўамында көп балалы шаңарақларға кир жуўыў машинасы, газ плитасы ҳәм басқа да тутыныў буйымлары саўға етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги