Даўа мүддети – шахс өзиниң бузылған ҳуқықын даўа қозғатыў жолы менен қорғаўы мүмкин болған мүддет.
Мүддетлер ким тәрепинен белгилениўине қарап, әмелде бөлинеди. Нызамлы мүддетлер, шәртнамалы мүддетлер ҳәм суд яки төрешилик суды тәрепинен белгиленген мүддетлер.
Нызамлы мүддетлер – бул ҳуқық нормаларында белгиленген мүддетлер. Бул мүддетте ҳуқықый қатнасықларда қатнасыўшылардың өз-ара келисими менен улыўмалық қағыйда бойынша өзгертилиўи мүмкин емес. Бундай мүддетлерге мысал ретинде пуқаралардың толық ямаса белгили бир ҳәрекетке уқыплылығына ийе болыў мүддетлери, исеним хат мүддети, улыўма даўа мүддети ҳәм басқа мүддетлерди көрсетиўимиз мүмкин.
Шәртнамалы мүддетлер – онда, яғный шәртнама дүзиўши тәреплердиң өз-ара келисими бойынша белгилениўи, өзгертилиўи, қысқартылыўы яки узайтылыўы мүмкин.
Суд ямаса төрешилик суды тәрепинен белгиленген мүддетлер – қандай да бир ҳуқық ҳәм миннетлемени алыў, өзгертиў ямаса бийкарлаў ҳаққында тайынланады.
Даўа мүддетлери, яғный, бузылған ҳуқықтың қорғалыўы ушын нызам менен белгиленген мүддетлер. Онда, мәселен, қарыз алған пуқара қарызды қайтармаса, талапкер оған қарата 3 жыл ишинде даўа қылыўы мүмкин. Егер бул мүддет даўамында кеширимли себеплерсиз даўа қылынбаса, даўа предметине болған ҳуқық жоғалтылыўы мүмкин.
Улыўма даўа мүддети 3 жыл. Айырым түрдеги талаплар ушын нызам ҳүжжетлеринде улыўма даўа мүддетине қарағанда қысқартылған яки узайтылған арнаўлы даўа мүддетлери белгилениўи мүмкин.
Арнаўлы даўа мүддетлери тек нызамда тиккелей көрсетилген жағдайларда ғана қолланылады. Даўа қозғатылғанға шекем даўа мүддетиниң өтиўи даўаны қанаатландырмастан қалдырыў ушын тийкар болады.
Саодат Қаипназарова,
Қарақалпақстан Республикасы
суды судьясы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги