Пайтахтымызда болып өтип атырған Киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм билимлендириўге бағышланған II Пүткил жер жүзилик конференциясы (WCECCE) 150 мәмлекет ўәкиллерин бир платформада бирлестирди.

Халықаралық конференцияда ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле қатнасып, шығып сөйледи.

– Өзбекстан менен ЮНЕСКОның бирге ислесиўи барлық бағдарларда избе-из раўажланбақта. Мәмлекетиңиздиң бай мәнаўий мийрасын тиклеў ҳәм терең үйрениў бағдарында нәтийжели бирге ислесип келинбекте. Мәденият, билимлендириў, илим ҳәм басқа да тараўларда ҳәр қыйлы жойбарлар биргеликте әмелге асырылмақта. Өзбекстан бизге Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа сыяқлы белгили қалаларды саўға еткен.

Ең тийкарғысы, билимлендириў тараўында да перспективалы бирге ислесиў орнатылғанын атап өтиў керек. Өзбекстанда киши жастағы балаларды билимлендириў менен қамтып алыў, сапалы  билимлендириў ҳәм медициналық хызмет көрсетиў бағдарындағы жумысларды жоқары баҳалайман.

Киши жастағы балаларды билимлендириў ҳаққында айтқанда, бәринен бурын бул бағдарда қәнигелер таярлаўға итибарды және де күшейтиў керек. Егер мектепке шекемги билимлендириўди 2030-жылға шекем пүткил дүнья мәмлекетлеринде әмелге асырыўды жолға қойсақ 9 миллион оқытыўшы ҳәм қәнигелер таярлаў зәрүрлиги бар екенлиги көринеди. Тек ғана оқытыўшыларды таярлаў, соның менен бирге, оларды мүнәсип мийнет ҳақы менен тәмийинлеўге де итибар қаратыўымыз керек.

Кейинги жыллары ең жақсы билимлендириў ҳәм пидайы хызметкерлерди таңлап алыў ҳәм оларды оқытыў бойынша жумыслар алып барылды. 2023-жылдан баслап ЮНЕСКО ҳәм ЮНИСЕФ Жәҳән банки менен биргеликте ҳәр еки жылда ерте балалық есабатын таярлаўды жолға қойдық.

Соның менен бирге, Ташкент декларациясында мектепке шекемги билимлендириў бағдарында ажыратылған 5 процент қаржыны он процентке арттырыўды киргиземиз. Таллаўларға бола, раўажланған еллерде бул процесс жолға қойылған. Бирақ төмен раўажланған мәмлекетлер бюджетиниң 2 проценти усы бағдарға ажыратылатуғын еди. Халықаралық көлемде билимлендириўге бағдарланған жәрдемниң тек ғана 2 проценти мектепке шекемги билимлендириўге қаратылады. Биз тек ғана миллий көлемде емес, ал халықаралық көлем де миннетлемелерди жуўапкершилигимизге алыўымыз керек. Себеби бул мәселе халықаралық әҳмийетке ийе.  Бул конференцияда финанс институтлары қатнасып атырғанлығы жүдә әҳмийетли.

Сөзимниң жуўмағында Өзбекстан мектепке шекемги билимлендириў бойынша пүткил жер жүзинде жетекшилик етип атырғанын атап өтпекшимен. Жас балаларға болған көз қарасымыз, оларға деген мүнәсибетимиз жасап атырған жәмийет ҳаққындағы нәзик мағлыўматларды береди. Ташкент қаласында киши жастағы балаларға көрсетилип атырған итибар ҳәм ғамхорлықты көрип усы жәмийет ҳаққында жуўмақларға келиў мүмкин.

Гўзал САТТОРОВА,
ӨзА