«Көксарай» резиденциясында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң биринши жалпы мәжилиси болып өтпекте.
Абырайлы әнжуманда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
Атап өтилгениндей, ажыратылған ўақыт бирге ислесиўдиң барлық перспективалы бағдарларын толық додалаў имканиятын бермейди. Соның ушын Президентимиз сырт ел инвесторлары менен ислесиўди төмендеги тәртипте шөлкемлестириў зәрүр екенлигин айтты.
Атап өтилген ҳәр бир тийкарғы бағдарды әмелге асырыў ушын инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанында Инвесторларды қоллап-қуўатлаў жуңмысшы топары шөлкемлестириледи.
Жумысшы топар сырт ел инвесторлары кеңеси жанында жумыс алып барады ҳәм сырт ел инвесторларын комлексли, соның менен бирге, системалы түрде қоллап-қуўатлаў менен шуғылланады.
Атап айтқанда, инвесторды аэропортта күтип алыўдан баслап, бизнес ушын зәрүр руқсатнама ҳәм лицензиялар бериўге шекемги барлық хызметлерди «бир айна» принципи тийкарында көрсетеди.
Жаңа жумысшы топардың жумысын инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары Лазиз Қудратов муўапықластырып барады.
Ол басқа барлық мәселелерден азат етилип, бар итибарын тек ғана инвесторлар менен ислесиўге қаратады.
ӨзА