Мийманханаларды категория процессин қәлиплестириў мақсетинде «Туристлик хызметлерди сертификатластырыў орайы» ДУК тәрепинен жаңа басылымдағы Oʼz DSt 3220:2022 «Туристлик хызметлер. Жайластырыў қураллары. Улыўма талаплар» мәмлекетлик стандарты жойбары ислеп шығылды.

Жаңа жойбарға бола, алдын мийманханалар ушын мәжбүрий болған 97 талап 85 ке шекем қысқарды.

Бүгинги күнде мийманханалар Oʼz DSt 3296:2018 «Туристлик хызметлер. Мийманханалар ҳәм оларға тең турақ жайлар» стандартына муўапық әмелге асырылып, оларға «жулдыз» алыў ушын 138 талапқа жуўап бериўи керек. Егер талаплардан бири исленбесе, тийисли жулдызды бериў бийкар етиледи.

«Жулдыз» алыў стандарт талапларына сәйкес келиўин талап ететуғын қурамалы жағдай – хызмет көрсетиў сапасы, өзгешелиги, мийманхананың жагдайы ҳәм қарыйдарлар талабынан шығыў «көрсеткиши». Мәселен, Бирлескен Араб Әмирликлеринде – 225, Қатарда – 255, Малайзияда – 238, Европа Аўқамы мийманханаларында – 270 мәжбүрий талаплар бар.

Standart Hotels Criteria компаниясының 2020-2025 халықаралық Criteria стандарты талаплары тийкарында ислеп шығылған жулдызлы мийманханаларды бөлиў ушын рейтинг системасы: тийисли жулдыз белгисин алыў ушын мийманханалар белгиленген талапларды орынлайды ҳәм балларды топлайды.

 

 Азада Қдырбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги