Дүнья жаңалықларды жедел қабыл етпекте. Қаржы базарларын ҳәм сиясий ўақыяларды сәўлелендириўге тийкарланған қарарлардан баслап, жергиликли жаңалықлар ямаса ҳаўа-райына байланыслы мағлыўмат, жаңалықлар бизиң өмиримизге унамлы ямаса унамсыз тәсир көрсетеди. Жаңалықлар бир неше форматларда болып, олардан пайдаланыў мүмкин: санлы (онлайн жаңалықлар), баспасөз (газета ҳәм журналлар) ҳәм радиоеситтириў (телевидение ҳәм радио).
Дүнья жүзинде көплеген жаңалықларды тарқатыўшы медиа компаниялар бар. Биз олардың ең жақсылары ҳаққында мағлыўмат беремиз.
- Comcast
Базар көлеми: 200 миллиард доллар
Comcast (CMCSA) медиа гиганты есапланады. Ол дүньядағы екинши ири радиоеситтириў ҳәм кабел телевидениеси, ең ири қаржыға ийе компания болып есапланады. Бул компания АҚШта жайласқан болып, мәмлекетте үшинши ири үй телефоны хызмети болып саналады.
2. Tomson Reuters
Базар көлеми: 48,5 миллиард доллар
Thomson-Reuters (TRI) мәлимлеме компаниясы болып, ол пүткил дүнья бойынша финанс ҳәм базар мағлыўматларын, сондай-ақ Reuters хызметин усынады. Ол күнделикли жаңалықларды оператив түрде жәриялап барады.
3. Warner Bros. Discovery
Базар көлеми: 45,2 миллиард доллар
Warner Brothers Discovery (WBD) медиа ҳәм кеўилашар компания сыпатында ислейди. Ол телевидение, кино ҳәм стриминг бойынша контент ҳәм брендлер портфелин жаратады ҳәм тарқатады. Оның жаңалықлар өними CNN ҳәм оған байланыслы каналларды өз ишине алады.
4. Paramount Global
Базар көлеми: 22,1 миллиард доллар
5. Naspers
Базар көлеми: 21,8 миллиард доллар
6. FOX Corp
Базар көлеми: 21,8 миллиард доллар
7. News Corp
Базар көлеми: 10,4 миллиард доллар
8. IACI
Базар көлеми: 7,8 миллиард доллар
9. Nexstar Media Group
Базар көлеми: 7,1 миллиард доллар
10. The New York Times Company
Базар көлеми: 5,8 миллиард доллар
Азада Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги