АҚШтың Форбес журналы долларлы миллиардерлердиң гезектеги, 36-дүнья рейтингин дағазалады. Биринши қатарды дәслепки рет екинши орыннан көтерилген Илон Маск ийеледи. Еки жыл алдын SpaceX ҳәм Тесла басшысы тек ғана 31-орында еди.

SpaceX ҳәм Тесла компанияларының Илон Маск Амазонның тийкарын салыўшы ҳәм бас директоры Жефф Безосты қуўып, Форбес бойынша биринши мәрте дүньяның ең бай адамлары дизиминде биринши орынды ийеледи. Бир жыл даўамында Масктиң байлығы 68 миллиард долларға асып, 219 миллиард долларға, Безостың байлығы 6 миллиард долларға азайып, 171 миллиард долларға жетти. Еки жыл алдын Илон Маск рейтингде тек 31-орынды ийелеген еди. Үшинши орында: өткен жылғы сыяқлы LVMH модалар үйи ийеси Бернард Арно ҳәм оның Форбес байлығы 158 миллиард долларға баҳаланбақта.

5-апрель күни Американың Форбес журналы долларлы миллиардерлердиң гезектеги, избе-из 36-глобал рейтингин дағазалады. Онда 2668 миллиардер бар. Бул 2021-жылға салыстырғанда 87 ге көп. Миллиардерлердиң байлықларын соңғы баҳалаў 11-март күни өткерилди.

Усы жылы барлық миллиардерлердиң улыўма байлығы 12,7 триллион долларға жетти, бул өткен жылға салыстырғанда 0,4 триллион долларға аз. Дизимдеги ең көп қантасыўшылар АҚШтан – 735 адам, екинши орында Қытай (сол сыяқлы, Гонконг ҳәм Макао) – 607 адам бар. Россиядан келген қатнасыўшылардың саны 83 адам.

 

Райхан Даниярова,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги