Ташкент қаласында киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм оларға билим бериў мәселелери бойынша пүткил жер жүзилик конференциясы болып өтпекте.

15-ноябрь күни бул әнжуманға Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев барды.

Конференция дүньяда 2030-жылға шекем мектепке шекемги билимлендириў тараўына байланыслы сиясатты белгилеп алыў ҳәм бул бағдарда халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған. Онда ЮНЕСКОның Бас директоры Одри Азуле, 150 ге шамалас мәмлекеттен министрлер ҳәм ўәкиллер, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнаспақта.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында тараў бойынша дүньядағы жағдайға тоқтап өтип, миллонлаған балалардың баслаўыш билим алыў имканияты шекленгени, қәнигелер бирлесип, мектепке шекемги билимлендириў менен қамтыўды кеңейтиў зәрүрлигин айтты. Өзбекстанда «инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен мәплери – жоқары қәдирият» деген принцип тийкарында халыққа мүнәсип турмыс шараятлары жаратылып атырғаны атап өтилди.

– Бул бағдарда бәринен бурын, жаслар ҳәм балаларға итибар ҳәм әмелий ғамхорлық көрсетиў, оларды физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик етип тәрбиялаўға айрықша итибар қаратпақтамыз. Балаларды кишкене жасынан раўажландырыў арқалы келешекте олардың өзин толық көрсетиўине беккем тийкар жаратып атырмыз. Өйткени, бул ийгиликли мақсетимиз жолында жумсалған инвестициялар ертеңги күн бир неше мәрте зыяты менен қайтатуғынына гүман жоқ, деди Шавкат Мирзиёев.

Бурын елимизде мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 27 процентке түсип қалған еди. Балалар бақшаларында заманагөй қолланбалар жоқ, имаратлар оңлаўға келип турған еди.

Сонлықтан мәмлекетимиз басшысы бул буўынға айрықша итибар қаратып, бәркамал әўладты әйне кишкене жасынан тәрбиялаў сиясатын белгилеп берди. Өзбекстан Президентиниң 2017-жыл 30-сентябрьдеги пәрманына муўапық, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги шөлкемлестирилди. Бақшалар қурыў ҳәм оңлаў, алдыңғы тәрбия усылларын ҳәм методикаларды енгизиў бойынша көп жумыслар басланды.

Тараўды раўажландырыў ушын жеке сектор кирип келиўине де имканият жаратылды. Ҳәр бир тәрбияланыўшы бала ушын мәмлекетлик бюджет есабынан субсидиялар бериў жолға қойылды. Алыс ҳәм шетки аймақларда мыңлаған шаңарақлық бақшалар шөлкемлестирилди.

Нәтийжеде кейинги жылларда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң саны да 3 есеге өсип, 160 мыңға жетти. Усы тәризде, бақша жасындағы 2 миллион  800 мың баладан  2 миллионы мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алынды.

Мәмлекетимиз басшысы билимлендириўдеги өз-ара байланыслылық мәселесине де тоқтап өтти. Елимизден жетисип шыққан уллы ойшыллардың еки мәрте ояныў дәўирине тийкар салғаны, бүгинги ҳәм келешек әўладлар да илимге умтылыўы керек екени атап өтилди.

– Биз елимизде Үшинши Ренессансты қурыў мәселесин стратегиялық ўазыйпа сыпатында алдымызға қойып, оны миллий идея дәрежесине көтермектемиз. Биз мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи, жоқары билимлендириў системасы және илимий-мәдений мәкемелерди болажақ Ренессанстың төрт үзликсиз шынжыры деп билемиз. Бақша тәрбияшысы, мектеп муғаллими, профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий-дөретиўши зыялыларымызды болса жаңа Ояныў дәўириниң төрт таяныш бағанасы, деп есаплаймыз, – деди Президент.

Бул бағдарда миллий тәжирийбе ҳәм дүньядағы алдыңғы жетискенликлерди үйлестирген ҳалда жумыс алып барылмақта. Буны избе-из даўам еттирип, 2025-жылы балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 80 процентке жеткериў режелестирилген.

Өзбекстан Президенти тараўда халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша әҳмийетли басламаларды алға қойды. Соның ишинде, кишкене жастағы балалар ушын сапалы билимлендириў машқалаларын глобаллық дәрежеде нәтийжели шешиў, биргеликте оператив шешимлер ҳәм қатнаслар ислеп шығыў мақсетинде бул халықаралық конференцияны турақлы түрде өткерип барыў усынысы билдирилди.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлерине сәйкес болған барлық ҳәрекетлерди муўапықластырыў ушын Ташкентте ЮНЕСКОның регионаллық орайын шөлкемлестириў басламасы алға қойылды.

Киши жастағы балаларға билим бериў бойынша дүнья жүзилик шөлкем менен қоспа жойбарлар менен изертлеўлер алып барыў, тәрбияның жаңаша усылларын ҳәм методикалық қолланбаларды таярлаў ушын кең көлемли бағдарлама ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Тараўдағы алдыңғы тәжирийбелер, заманагөй интерактив оқытыў усыллары, әмелий билим ҳәм көнликпелер менен өз-ара алмасыў мақсетинде тәрбияшылардың халықаралық жәмийетин дүзиў басламасын билдирди.

2024-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен өткерилетуғын келешек саммитиниң тийкарғы темаларынан бири сыпатында, киши жастағы балаларға тәлим-тәрбия бериў мәселесин киргизиў зәрүрлиги атап өтилди.

Конференция ҳәр қыйлы темалардағы секция мәжилислери менен даўам етти. Әнжуман жуўмақлары бойынша Ташкент декларациясы қабыл етиледи.

ӨзА