15-ноябрь күни Ташкентте өтип атырған Киши жастағы балаларға тәлим-тәрбия бериў бойынша Пүткил жер жүзилик конференция шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БМШтың Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша шөлкеми (ЮНЕСКО)ниң Бас директоры Одри Азуле менен ушырасыў өткерди.

 Өзбекстан менен БМШ системасындағы бул абырайлы институт арасындағы конструктивлик ҳәм нәтийжели бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери додаланды.

Нәтийжели бирге ислесиўдиң бүгинги дәрежеси қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мәмлекетлик бағдарлама ҳәм қабыл етилген «жол картасы»на муўапық биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз биринши мәрте Материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў бойынша халықаралық комитеттиң ағзасы етип сайланды. Бақсышылық өнери ҳәм ләзги аяқ ойыны материаллық емес мәдений мийрас дизимине киргизилди.

Өзбекстанда тарийхый мийрас объектлерин қорғаў мәселелери бойынша халықаралық мәсләҳәт комитетиниң жумысы ҳәм Регионаллық гуманитарлық бирге ислесиў бойынша «Хийўа процеси» жолға қойылды.

ЮНЕСКО, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң аўыллық жерлеринде профессонал билимлендириў системасын раўажландырыўға техникалық жақтан жәрдем бермекте.

Буннан тысқары, бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарларында қоспа илажлар турақлы өткерилип келинбекте.

Ушырасыўда Одри Азуле Өзбекстанда жасларды қоллап-қуўатлаў, балаларға тәлим-тәрбия бериў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады және олар, халықаралық көлемде салыстырғанда, ең нәтийжели болып атырғанын атап өтти.

Бас директор мектепке шекемги билимлендириўди раўажландырыў мәселелерине бағышланған Ташкент халықаралық конференциясының табыслы өткерилгени менен қутлықлады.

Жаңа мәмлекетлик бағдарламаны әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды. Ташкент қаласында ЮНЕСКОның регионаллық орайын ашыўға, сондай-ақ, нәтийжели бирге ислесиў шеңберинде қоспа баслама ҳәм алдыңғы жойбарларды алға қойыў бойынша жаңаланған «жол картасы»н таярлаў ҳәм қабыл етиўге келисип алынды.

 

ӨзА