Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары! Ханымлар ҳәм мырзалар!
Сиз, әзизлерди Ташкент қаласындағы Киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм билим бериўге бағышланған Пүткил жер жүзилик конференциясының ашылыўы менен шын кеўлимнен қутлықлайман.
Халықаралық әнжуманда қатнасып атырған жоқары мәртебели мийманларымызға, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, сырт ел министрлери ҳәм жуўапкер ўәкиллерине өзимниң шын кеўлимнен ҳүрмет ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Өзбекстан үлкесине хош келдиңиз, қәдирли мийманлар!
Ҳүрметли дослар!
Халықаралық конференцияның ашылыў мәресиминде ЮНЕСКО Бас директоры Одри Азуле ханымның жеке өзи қатнасып атырғаны бизге айрықша қанаатланыўшылық бағышлайды.
Кейинги жыллары ЮНЕСКО менен билимлендириў, илим, мәдений мийрас, мәлимлеме ҳәм коммуникация тараўларында бирге ислесиўимиз жедел раўажланып бармақта.
Атап айтқанда, усы шөлкемниң жәрдеминде елимиздеги пүткил жер жүзилик мәдений мийрас объектлерин қәстерлеп сақлаў, әййемги Уллы Жипек жолындағы бар мәдений байланысларды қайта тиклеў, билимлендириў системасының сапасын арттырыў ҳәм бәркамал аўладты тәрбиялаў, Өзбекстанда жаслардың мийнет көнликпелерин раўажландырыў бойынша бир қатар әҳмийетли бағдарлама ҳәм жойбарлар нәтийжели әмелге асырылып келинбекте.
Пурсаттан пайдаланып, Азуле ханымға ҳәм барлық сырт елли бирге ислесиўшилеримизге бул әҳмийетли ҳәм мақтанышлы жумысқа қосып атырған үлеслери ушын миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!
Ҳәзирги ўақытта дүнья көлеминде киши жастағы балаларды сапалы мектепке шекемги билимлендириў менен тәмийинлеў бойынша бир қатар машқалалар бар екенлигин бийкарлап болмайды.
Көплеген мәмлекетлерде дерлик 200 миллион бала мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алынбағаны нәтийжесинде олардың басланғыш билим алыў имканиятлары шекленбекте.
Өз гезегинде, кейинги бир неше жыл даўамында коронавирус пандемиясы билимлендириў тараўына да үлкен унамсыз тәсир етип атырғаны сыр емес.
Мине, усындай сынақлар дәўиринде барлық мәмлекетлердиң тығыз бирге ислесиўди және де тереңлестириўи, халықларымыздың өз-ара бирлесип, машқалаларды биргеликте шешиўи қаншелли әҳмийетли екенлигин анық көрсетпекте.
Усы мәнисте, бүгинги әнжуманымыз да Турақлы раўажланыў мақсетлериниң әҳмийетли бағдары болып есапланған балалар билимлендириўи мәселесинде барлығымыз бир болып, жаңа қатнаслар ҳәм шешимлер ислеп шығыўымызға хызмет етеди, деп исенемен.
Әзиз дослар!
Биз «инсан қәдири, оның ҳуқықлары менен мәплери-уллы қәдирият», деген принциптен келип шығып, мәмлекетимиз халқы ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыўды Жаңа Өзбекстан сиясатының тийкарғы бағдары етип белгилегенбиз.
Бул бағдарда, бәринен бурын, жаслар менен балаларға итибар ҳәм әмелий ғамхорлық көрсетиў, оларды физикалық ҳәм руўхый жақтан бәркамал етип тәрбиялаўға айрықша әҳмийет қаратпақтамыз.
Балаларды киши жасынан баслап раўажландырыў, олардың оқыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў арқалы келешекте жаслардың өзлигин толық көрсетиўине беккем тийкар жаратып атырмыз.
Бундай ийгиликли мақсетимиз жолында жумсалған инвестициялар ертең бир неше есе артығы менен қайтыўы сөзсиз.
Соның менен бирге, бала шахсының тийкары мине, усы мектепке шекемги билимлендириў жасында қәлиплесиўи, бул дәўирде оның интеллектуаллық ҳәм физикалық камалаты ушын тийкар жаратылатуғыны ҳәммемизге жақсы белгили.
Ҳәзирги ўақытта елимизде 3 миллионға шамалас мектепке шекемги жастағы балалар бар.
Сөзсиз, олар бизиң ең бийбаҳа байлығымыз, еркин ҳәм абадан турмысымыз, айқын келешегимиздиң дөретиўшилери болып есапланады.
Соны да айтып өтиў керек, елимизде жақын өтмиште балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў көрсеткиши 27 процентке түсип қалған еди.
Дерлик барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде заманагөй технологиялар ҳәм қолланбалар жоқ, имаратлары оңлаўға мүтәж еди.
Бул болса балаларымыздың толық сапалы билим ҳәм тәрбия алыўын шеклеген.
Перзентлеримиздиң тәрбиясында ең тийкарғы буўын болып есапланған мектепке шекемги билимлендириў системасының социаллық турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийетин ҳеш нәрсе менен өлшеп, баҳалап болмайды.
Биз реформалардың биринши күнлеринде-ақ ҳәзирги билимлендириў тараўын, атап айтқанда, мектепке шекемги билимлендириўди түп-тийкарынан модернизациялаўға қарар еттик.
Усы мақсетте, елимиз тарийхында биринши мәрте өз алдына Мектепке шекемги билимлендириў министрлигин шөлкемлестирдик.
Бақшаларды заман талапларына сәйкес түрде жаңа басқышқа көтериў, алдыңғы тәрбия усыллары менен методикаларын кеңнен қолланыў, оқыў-материаллық базасын күшейтиўге үлкен итибар қаратпақтамыз.
Тараўды кеңнен раўажландырыў ушын жеке меншик сектордың кирип келиўине де қолайлы шараятлар жаратып бердик.
Бақшаларда ҳәр бир тәрбияланыўшы бала ушын Мәмлекетлик бюджет есабынан субсидиялар бериле басланды.
Кейинги жыллары мәмлекетимизде бақшалардың саны 6 есеге көбейди. Алыс ҳәм шетки аймақларда мыңлаған шаңарақлық бақшалар шөлкемлестирилди.
Тәрбияшы ҳәм педагоглардың саны да 3 есеге өсип, 160 мыңға жетти. Сондай-ақ, педагог кадрлардың тәжирийбесин системалы арттырып барыў жумыслары да жолға қойылды.
Усы илажлардың нәтийжесинде бақшаларда билим ҳәм тәрбия алатуғын балалардың саны 600 мыңнан 2 миллионға жеткерилип, қамтыў көлеми 70 процентке шықты.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
«Билимлендириў менен тәрбияда тәнепис болмайды», деген ҳикметли сөз сизлерге жақсы таныс.
Сол себепли биз Өзбекстанда алып барылып атырған демократиялық реформаларымыз процесинде билимлендириў системасын заманагөй талаплар дәрежесине көтериўге баслы әҳмийет қаратпақтамыз.
Соның ишинде, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде 10 мыңнан артық орта билимлендириў мектеплери жумыс алып бармақта.
Кейинги жыллары жоқары оқыў мәкемелериниң саны дерлик 2,5 есе көбейип, 186 ға жетти. Олардың 31 и дүньядағы жетекши университет ҳәм институтлардың филиаллары болып есапланады.
Жоқары оқыў орынларына қабыллаў квотасы 3,5 есеге артқанын, жоқары билимлендириўге қамтылыўының болса 9 проценттен 38 процентке шекем артқанын атап өтиў зәрүр.
Сизлерге жақсы белгили, Уллы жипек жолының кесилиспесинде жайласқан мәмлекетимиз әййемнен дүнья цивилизациясы ҳәм мәдениятының раўажланыўына мүнәсип үлес қосып келеди.
Ўатанымыздан жетисип шыққан белгили илимпазлар, алгебра илими ҳәм алгоритм түсинигине тийкар салған Әл-Хорезмий, минерология илиминиң тырнақ тасын қойған Әл-Беруний, дүньяда Авиценна аты менен танылған белгили медицина илимпазы Ибн Сина, бир мың он сегиз жулдыздың координатларын ҳәм ҳәрекетин анық белгилеп берген уллы астроном Мырза Улығбек, Нил дәрьясының қәддин өлшейтуғын сийрек гезлесетуғын үскенени жаратқан илимпаз Аҳмед Фарғоний сыяқлы уллы ата-бабаларымыз өзлериниң бийбаҳа шығармалары, илимий ҳәм дөретиўшилик ойлап табыўлары менен орта әсирлердеги биринши ҳәм екинши шығыс ренессансының раўажланыўына үлкен үлес қосқан.
Бул ҳаққында сөз болғанда, өтмиште Бухарада 300 ден артық, Самарқандта болса 120 ға шамалас өз дәўириниң университетлери болған медреселер жумыс алып барғанын айрықша атап өтиў орынлы.
Әзел-әзелден бизиң елимизде билим менен бирге тәрбия мәселесине үлкен әҳмийет берип келинеди.
Уллы өзбек шайыры ҳәм ойшылы Әлийшер Наўайы ҳәр тәреплеме сәйкес раўажланған, жоқары билим ҳәм мәнаўият ийеси болған жетик инсан идеясын алға қойғаны сизлерге жақсы белгили.
ХХ әсирдиң басында мийнет еткен уллы ағартыўшы, белгили жазыўшы ҳәм педагог Абдулла Авлонийдиң: «Тәрбия биз ушын я өмир – я өлим, я үмит –я апатшылық, я бахыт-ығбал – я бахытсызлық мәселеси», деген сөзлери биз ушын ҳәзирги күнде де әҳмийетли бағдарлама болып хызмет етпекте.
Биз елимизде үшинши ренессансты қурыў мәселесин стратегиялық ўазыйпа сыпатында алдымызға қойып, оны миллий идея дәрежесине көтермектемиз.
Биз мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи, жоқары билимлендириў системасы ҳәм илимий-дөретиўши зиялыларымызды болса жаңа Ояныў дәўириниң төрт таяныш үстини, деп есаплаймыз.
Бул бағдарда биз өзимиздиң миллий тәжирийбемиз ҳәм дүньядағы алдыңғы жетискенликлерди үйлестирген ҳалда жумыс алып барамыз.
Ҳәммемизге белгили, билимлендириў ҳәм тәрбия бар жерде әлбетте илим, әлбетте мәденият ҳәм раўажланыў болады.
Билимлендириў ҳәм тәрбия раўажланған жәмийетте радикализм ҳәм экстремизм кейпиятлары ҳеш қашан урқан атпайды.
Биз келешекте де бул жолда баслаған жумысларымызды избе-из даўам еттирип, 2025-жылы балаларды мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 80 процентке жеткериў ушын барлық зәрүр илажларды әмелге асырамыз.
Буннан тысқары, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлеринде белгиленген көрсеткишлерге ерисиў шеңберинде 2025-жылға шекем 6 жасар балалардың 100 процентин мектепке таярлық бағдарламасы менен қамтып алыўды мақсет етип алғанбыз.
Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!
Әнжуманымызда дүньяның 150 мәмлекетинен ўәкиллер келгени ҳәзирги күнде мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыў глобал дәрежеде актуал әҳмийетке ийе екенинен анық дәрек береди.
Бул конференция пүткил дүньяда 2023-жылға шекем мектепке шекемги билимлендириў тараўына байланыслы сиясатты белгилеп алыў ҳәм сол арқалы жас балаларға сапалы билим бериў жолында халықаралық бирге ислесиўди және де кеңейтиўде жаңа имканиятлар жарататуғынына исенемен.
Солардан келип шығып, биз төмендеги әҳмийетли усынысларды алға қойыўды мақсетке муўапық деп есаплаймыз.
Бириншиден, жеделлик пенен раўажланып атырған дүньяда ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер күшейип баратырған дәўиримизде ең әззи қатлам болған мектепке шекемги жастағы балалар да аўыр қыйыншылық көрмекте.
Сол себепли, киши жастағы балалар ушын сапалы билим бериў машқалаларын глобал дәрежеде нәтийжели шешиў, бул мәселелерге биргеликте тезлик пенен шешимлер ҳәм системалы қатнасларды ислеп шығыў жүдә әҳмийетли.
Буны инабатқа алып, усы халықаралық конференцияны турақлы түрде өткерип барыўды усыныс етемиз.
Екиншиден, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлерине үнлес болған билимлендириў бойынша барлық ҳәрекетлеримизди системалы муўапықластырыў мақсетинде ЮНЕСКОның регионаллық орайын шөлкемлестириў басламамызды мақуллайсыз, деп исенемен.
Сондай-ақ, Киши жастағы балалар билимлендириўи бойынша жәҳән шөлкеми менен биргеликтеги жойбарлар менен изертлеўлерди алып барыў, тәрбияның жаңаша усылларын ҳәм методикалық қолланбаларды таярлаў ушын кең көлемли бағдарламаны ислеп шығыўды усыныс етемен.
Соның менен бирге, бул бағдарда дүньяда топланған алдыңғы тәжирийбелер, заманагөй интерактив оқытыў усыллары, әмелий билим ҳәм көнликпелер менен өз-ара алмасыў мақсетинде тәрбияшылардың халықаралық жәмийетшилигин шөлкемлестириў басламасын алға қоямыз.
Үшиншиден, 2024-жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен өткерилетуғын келешек саммитиниң улыўма күн тәртибиндеги тийкарғы темалардан бири сыпатында, киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм билимлендириў мәселесин киргизиў және оған айрықша сессияны бағышлаў әҳмийетли.
Бүгинги конференция жуўмақлары бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының балалар тәрбиясы мәселелери улыўма халықлық раўажландырыўға ерисиўдиң әҳмийетли факторы екени ҳаққында арнаўлы резолюциясын қабыл етиў мақсетке муўапық болар еди.
Бул ҳүжжетте ата-аналарды балалардың сапалы билим ҳәм тәрбия алыўы, руўхый ҳәм физикалық жетиклигин тәмийинлеўдеги ролин, олардың қәбилет ҳәм потенциалларын толық көрсетиў бағдарындағы жуўапкершилигин және де арттырыў сыяқлы мәселелер өз көринисин табыўы керек.
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Бүгинги конференция қызғын сөйлесиў ҳәм өз-ара пикир алысыўлар руўхында өтиўине, онда жаңа идея ҳәм басламалар, анық пикир-усыныслар ислеп шығылыўына исенемен.
Әнжуман жуўмақлары бойынша қабыл етилетуғын Ташкент декларациясы келешекте усы бағдарда биз биргеликте әмелге асыратуғын ҳәрекетлеримиз ушын тийкар болып хызмет етиўи сөзсиз.
Пурсаттан пайдаланып, ҳәммеңизге беккем саламатлық ҳәм әўметлер, әнжуман жумысына болса үлкен табыслар тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.