Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс шараятын буннан былай да жақсылаў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде районда болды.
Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы райондағы қурылыс жумыслары менен танысып, қурылыстың барысы белгиленген режеден артта қалып атырған объектлер – 27-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳәм 30-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиӊ жумыслары менен танысты ҳәм жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Буннан соң, район белсендилери, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиӊ, министрликлер, басқармалар, шөлкемлердиң басшыларыныӊ қатнасыўында мәжилис болып өтти.
Илажда халықтың күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў жолында әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда бул бағдарда орын алып атырған айырым кемшиликлер сөз етилди.
Атап айтқанда, көпшилик бюджет мәкемелеринде мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржыларды мақсетли жумсаўда қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғаны айрықша атап өтилди. Үйрениўлердиӊ барысында Әмиўдәрья районында да усындай унамсыз жағдайлар анықланған. Бундай нызам бузылыў жағдайларыныӊ алдын алыў ҳәм оны келешекте болдырмаў бойынша басшыларға ҳәм экономикалық тараўдыӊ жуўапкерлерине тийисли тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, пуқаралардыӊ мүрәжатлары менен ислесиўде де бир қатар кемшиликлердиӊ бар екенлиги, тийкарынан аймақ халқын социаллық қоллап-қуўатлаў, комуналлық хызметлердиӊ сапасы, турақ жай менен тәмийинлеў, ишки жолларды оӊлаў мәселелеринде көплеген мүрәжатлар келип түсип атырғанлығы атап өтилди.
Буннан тысқары, билимлендириў, жаслар менен ислесиў, транспорт хызметин көрсетиў, мәмлекетлик бағдарламалардыӊ орынланыўын тәмийинлеў, өнимлерди экспорт етиў сыяқлы тараўларда қосымша имканиятлардыӊ бар екенлиги атап өтилип, оларды иске қосқан ҳалда районды социаллық-экономикалық раўажландырыў барысын буннан былай да жақсылаў кереклигине итибар қаратылды.
Елимизде социаллық жәрдемге мүтәж инсанларды, соныӊ ишинде, ҳаял-қызларды материаллық ҳәм руўхый қоллап-қуўатлаў бағдарында тийисли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, бағыўшысынан айырылған, социаллық қорғаўға мүтәж шаӊарақларды турақ жай менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районындағы Байаўыл мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы, социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айырылған Малика Ахмедоваға Президентимиздиӊ саўғасы-еки бөлмели турақ жайдыӊ тапсырылыўы бул бағдардағы жумыслардыӊ әмелдеги көриниси болды.
Буннан тысқары, шаӊарақтыӊ турақлы дәрамат дәрегин жаратыў мақсетинде еки перзенттиӊ анасы болған Малика Ахмедова райондағы 43-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине жумысқа орналастырылды.
Мәжилис соңында быйылғы жылдың ақырына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеў мақсетинде 20 миллиард 855,3 миллион сўм қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги