Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, философия илимлериниң докторы, профессор, академик Жуманазар Базарбаевтың 89 жыллығына бағышланған еслеў кешеси болып өтти.

Еслеў кешеси тарийх факультети жәмәәтиниң басламасы ҳәм институт ректорының қоллап-қуўатлаўы тийкарында шөлкемлестирилди.

Еслеў кешеси академик Ж.Базарбаевтың қәбирин зыяратлаў менен басланып, қатнасыўшылар оның қәбирине гүллер қойып ҳүрмет көрсетилди.

Илажға институт проректорлары, барлық факультет деканлары, бөлим баслықлары, илимпаз бенен бирге ислескен жасы үлкен кәсиплеслери, шаңарақ ағзалары ҳәм туўған-туўысқанлары қатнасты.

Буннаң соң, академик Ж.Базарбаевтың атын мәңгилестириў, оның өмири ҳәм мийнет жолын келешек аўладқа үлги етип көрсетиў мақсетинде институттың Тарийх факультети имаратында илимпаздың атына шөлкемлестирилген музейди тамашалаў мәресими болып өтти.

Музей илимпаздың жумыс ханасынан шөлкемлестирилген болып, онда илимпаздың басып өткен өмир жолын сәўлелендириўши фотобаннерлер, оның қәлемине тийисли дөретпелер, жумыс ислеў дәўиринде қолға киргизген мәмлекетлик сыйлықлары, көкирек белгилери, дипломлар, ҳүрмет жарлықлары, фотоальбомлары ҳәм илимпаз ҳаққында дөретилген видеоролик орын алған. Экспонатлардан айрықша көзге тасланып турғаны, илимпаздың жумыс столы болып, ол жерде костюмы, қол таяғы, папкасы, ҳәттеки, көз әйнеги тап жумыс пайытындағыдай етип жайластырылған.

Мәресим соңында институт проректорлары, бирге ислескен кәсиплеслери, шаңарақ ағзалары музейге қойылған «Еслеў китабы»на өзлериниң жыллы сөзлерин жазып қалдырды.

Буннан соң кеше қатнасыўшылары институттың бас имаратында илимпаздың еслеў кешесине арнап шөлкемлестирилген оның өмири ҳәм илимий дөретиўшилиги менен байланыслы дөретпелер, сүўретлер ҳәм ҳүжжетлердиң көргизбеси менен танысты.



Соң институттың мәжилислер залында академик Жуманазар Базарбаевтың 89 жыллығына бағышланған илимий конференция болып өтти.

Конференцияны институт проректоры Қ.Қадыров ашты ҳәм алып барды.

Конференция мийманлары сыпатында қатнасқан педагогика илимлериниң докторы, профессор М.Қуранов видеоконференция арқалы өз баянатлары менен шығып сөйледи.

Буннан соң, академик пенен бирге ислескен илимпазлар А.Пазылов, Тарийх факультетиниң деканы М.Сарыбаев, Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасының баслығы Е.Тилеўов үлкен оқытыўшы Ж.Усенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илимпаздың өмир жолы, илимий дөретиўшилиги ҳаққында  кең түрде мағлыўматлар берилди.








Атап өтилгениндей, өзиниң пидайы мийнети ҳәм адамгершилиги менен пүткил елимизде үлкен абырай арттырған илимпаз Ж.Базарбаевқа деген халықтың ҳүрмети жүдә жоқары.

Конференция жуўмағында академик Жуманазар Базарбаевтың пүткил өмири даўамында илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыўға, жасларымыздың ҳәр тәреплеме кәмил инсанлар болып қәлиплесиўине, елимиз абырайының еле де артыўына қосқан салмақлы үлеслерин тек ғана бүгинги әўладқа емес, ал келешек әўладларға да үлги сыпатында көрсетиўге қаратылған конференция қарарлары қабыл етилди.


Азада Қыдырбаева,

ҚМУ журналистика тәлим бағдары студенти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги