Түркия Президенти администрациясының рәсмий ўәкили Фахреттин Алтун дүйшемби күни Анқарада Россия Сыртқы ислер разведка хызметиниң директоры Сергей Наришкин ҳәм АҚШ Орайлық разведка басқармасының басшысы Уильям Бернстиң ушырасыўы болып өткенин тастыйықлады.

«Биз Россия ҳәм Америка разведка хызметлери басшыларының Түркия Миллий разведка шөлкеминиң жәрдеминде шөлкемлестирилген ушырасыўы өткерилгенин тастыйықлаймыз. Онда халықаралық қәўипсизликке қәўиплер, соның ишинде, ядро қуралынан пайдаланыў мүмкиншилигине байланыслы машқалалар додаланды»  деп билдиреди Алтун.

Ушырасыў Түркияның арнаўлы хызмети резиденциясында өткени айтылады.

«Түркияның жәрдеминде алдынырақ Украина ҳәм Россия сыртқы ислер министрлериниң ушырасыўы болып өткени, сондай-ақ, дән бойынша келисимге  ерисилгени ҳаққында айтып, буннан кейин де тынышлық жолында барлық тәреплер менен сөйлесиўлер шөлкемлестириў даўам етеди», деп қосымша етеди Алтун.

Қарақалпақстан хабар агентлиги