«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен быйылғы жылдың өткен 9 айында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң қарарлары тийкарында быйылғы жылдың өткен 9 айы даўамында «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды жанындағы «Сақаўат ҳәм жәрдем» фондының есабынан 21 мың 108 социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақты қоллап-қуўатлаў, оларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиў мақсетинде 15 миллиард 376 миллион 485 мың сум қаржы жумсалды.

Атап айтқанда, 14 мың 822 жәрдемге мүтәж шаңараққа 10 миллиард 856 миллион 596 мың сумлық жәрдем көрсетилди. Соннан 8 мың 609 шаңараққа күнделикли тутыныў товарлары ушын 2 миллиард 753 миллион 555 мың сум, 172 шаңараққа дәри-дәрмақ ушын 488 миллион 277 мың сум, 5 мың 613 шаңараққа 6 миллиард 526 миллион 47 мың сум ҳәм 428 шаңараққа басқа көринистеги жәрдемлер ушын 1 миллиард 88 миллион 715 мың сум ажыратылды. Буннан тысқары, «Темир дәптер»ге киргизилген 2 мың 860 шаңараққа 2 миллиард 408 миллион 290 мың сум, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 3426 ҳаял-қызға 3 миллиард 162 миллион 141 мың сум жәрдем көрсетилди.

«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен 9 ай даўамында жәми 409 шаңараққа 98 миллион 990 мың сум материаллық жәрдем көрсетилди. Соннан 150 кем тәмийинленген шаңараққа  52 миллион 142 мың сум, 86 социаллық жәрдемге мүтәж шаңараққа 22 миллион 486 мың сум ҳәм 173 шаңараққа 24 миллион 380 мың cум басқа көринистеги жәрдем көрсетилген.

Мәжилисте ислеген жумыслар менен бир қатар алда турған ўазыйпалар белгиленди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги