Бишкеке 11−13 ноябрь күнлери Бишкекте (Қырғызстан ) самбо бойынша улкен жастағылар арасында өткерилген жәҳән чемпионатында Өзбекстан спортшылары

1 гүмис ҳәм 4 бронза медалын қолға киргизди. Бул ҳаққында Өзбекстан самбо ассоциацияси хабар берди .
Оған бола,   самбо жарысларында  58 кг салмақ категориясында  Лутфилла Сайдаматов гүмис, ҳаяллар арасындағы беллесиўлерде болса -65 кг салмақта  Мухлиса Қодирберганова бронза медалына ийе болды.
Достон Рўзиев (-58 кг), Сардор Олимжонов (-64 кг) ҳәм Шерзод Исмонов (-79 кг, ) лар бронза медалын қолға киргизди.

Еслетип өтемиз,  жарыста 50 мәмлекеттен спортшылар қатнасты .

 

Хамре Қдырбаева
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги