Климат өзгериўи ҳәм Арал теңизи менен байланыслы жүзеге келип атырған, экологиялық машқалаларды шешиўдиң нәтийжели усылларынан бири – әтирапымызда, жасыл майданлар жаратыў болып табылады.

Усы мақсетте елимиз бойлап өткерилип атырған “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарын әмелге асырыўға бағдарланған “Әҳмийетли 40 күнлик” шеңбериндеги илажлар ҳәр бир мәҳәлле, мәкеме, шөлкем, оқыў орынлары сыяқлы барлық мийнет жәмәәтлеринде жәмлескенлик пенен әмелге асырылмақта.


Тәжирийбели тараў қәнигелери тәрепинен өткерилип атырған көргизбели семинарлар, сәўбетлесиўлер, үлкемиздиң жер ҳәм суў шараятына сай нәллерди отырғызыў, келеси жылға жаңа нәллерди таярлаў, оларға тәрбия бериў сыяқлы бир қатар әҳмийетли мәселелерде пуқараларымыздың керекли мағлыўматлар алыўына мүмкиншилик жаратпақта.

Нөкис районы 3-сектор аймағына қараслы “Арбашы” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 7-санлы улыўма орта билим бериў мектеби қапталындағы майданда терек нәллерин егиў бойынша көргизбели семинар өткерилди.

Сектор, мәкеме ҳәм кәрхана басшылары, қәнигелердиң қатнасында өткерилген семинарда терек нәллерин отырғызыў тәртиби, оларды тәрбиялаўда итибар қаратыў керек болған агротехникалық қағыйдалар бойынша кең түрде түсиниклер берилди.

Усы жерде, 7-санлы улыўма бериў мектеби аймағы өзиниң азадалығы, мектеп алды әтирапына бир неше жыл алдын егилген саяманлы терек ҳәм мийўе нәллери менен аймақтағы пайызлы орынлардың бирине айланып атырғанын атап өтиў орынлы.


Раўаж Отарбаев,

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы,

Нөкис районы 7-санлы мектептиң дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги