Нөкистеги «Жумысқа мәрҳамат!» моно орайында Самарқанд ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы тәрепинен шөлкемлестирилген «Қәбилетли қызлар» ҳәптелиги болып өтти.

Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаның бесинши басламасы шеңберинде өткерилген илажда 50 ге шамалас қызлар аспазлық, шаштәрезлик, тигиўшилик бойынша беллести.

Ҳәптелик жуўмағында аспазлық шеберлиги бойынша Г.Арзыўбаева, аспазлық сырларын ийелеў шәртинде А.Султанова, тигиўшилик бойынша У.Алиева, шаштәрезлик бағдарында Ж.Утепова биринши орынды ийеледи. Олар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

– Қызларымыздың бос ўақытларын мазмунлы, пайдалы илажларға бағдарлаў мақсетинде өткерилген илажымыз жүдә жоқары кейпиятта өтти, -дейди филиал директорының ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Гөззал Ешмуратова. –Алдағы ўақытлары бундай илажларды дәстүрий түрде өткерип барамыз.

Илаж филиалдың қәбилетли жаслары тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги