«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими басламасы менен «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары «Әҳмийетли 40 күнлик» илажлары шеңберинде Хожели районындағы аўыр социаллық жағдайға түсип қалған, жумыссыз, турақ жайға мүтәж шаңарақлар жасайтуғын «Социаллық қалаша» әтирапында «Бир миллион терек» улыўма миллий акциясы өткерилди.

Онда Өзбекстан «Миллий тикланиш»  демократиялық партиясы ҳәм Өзбекстан экологиялық партиясынан сайланған районлық Кеңестиӊ депутатлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

-Акцияның мақсети тоғайларды кесиў ҳәм климат өзгериўи тәсирине қарсы гүресиў, адамларды бирлестириў арқалы тереклерди көбейтиў ҳәм өсириў мәселелерине итибарды тартыўдан ибарат,-дейди «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Тажибай Романов.- Бул жойбарды жылына еки мәрте: гүз ҳәм бәҳәр айларында өткериў режелестирилген. «Бир миллион терек» акциясын өткериў бойынша “Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекетиниң басламасы БМШтың Өзбекстандағы ўәкилханасы тәрепинен қоллап-қуўатланды ҳәм 2019-жылдың 24-октябрь күни мәмлекетимиздиң арқа аймағы Қарақалпақстан Республикасынан старт берилди. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халық аралық инновация орайы менен биргиликте 2020-жылдан баслап усы күнге шекем нәл егиў жумысларын алып барылмақта.

Гезектеги акция даўамында қатнасыўшылар тәрепинен 100 түп мийўе ҳәм саяманлы терек нәли егилди. Бул егилген нәллердиң кейинги өсип раўажланыўына  қараў, тәрбия бериў жумысларын  «Социаллық қалаша»  ҳәкимшилиги өз жуўапкершилигине алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги