Спортты раўажландырыў министрлиги системасындағы шөлкемлерде 11-ноябрь күни «Жасыл мәкан» илажлары шеңберинде «Тәбият ушын бирлесейик!» сүрени астындағы бир күнлик нәл егиў акциясында Өзбекстан бойлап 56 мың түп мийўе ҳәм саяманлы тереклердиң нәллерин егиў режелестирилген еди. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы аймағында нәл егиў жумыслары әмелге асырылды.
Спортты раўажландырыў министрлигиниң басламасы менен шөлкемлестирилген акцияда министрлик басшылары, мәҳәлле белсендилери, спорт жәмийетлериниң ўәкиллери, белгили спортшылар, устаз тренерлер, филиалдың профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.
– Халқымызда «Бир терек кессең, онын ек» деген даналық гәп бар, -дейди ветеран устаз Пердебай Шылманов. – Елимизде әмелге асырылып атырған «Жасыл мәкан» жойбары усындай ийгиликли қәдириятларымыздың даўамлылығын тәмийинлеўде ҳәм турақлы раўажланыўға ерисиўде әҳмийетли тийкар болмақта. Президентимиздиң басламасы менен дәстүрий түрде өткерилип атырған бул экологиялық жойбар шеңберинде филиал аймағына мың түп нәл егилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги