Кимлерге бериледи, шәртлери, ҳуқықый тийкарлары ҳәм муғдарлары…

Халық билимлендириў министрлигиниң Мәлимлеме хызмети бул бойынша толық мағлыўмат берди.

Кейинги жылларда билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған халықшыл реформалар ҳәм муғаллимлерди социаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы алып барылып атырған нызамшылық өзгерислер билимлендириў пидайыларының мийнетин және де материаллық қоллап-қуўатлаўда үлкен әҳийетке ийе.

Атап айтқанда, халық билимлендириўи системасындағы улыўма орта билимлендириў мектеплеринде жумыс ислеп атырған интакер ҳәм қәбилетли муғаллимлер төмендегише ҳәр айлық үстеме ҳәм қосымша төлемлерге ийе болып келмекте:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-январьдағы «Алыс аймақлардағы бюджет шөлкемлерине қәнигели кадрларды тартыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4940-санлы қарарына муўапық:

бир ҳәкимшилик-аймақлық бирликлер шеңберинде басқа район ҳәм қалалардан келип жумыс ислейтуғын муғаллим-педагоглардың базалық тариф ставкаларына 50 процент;

басқа ҳәкимшилик-аймақлық бирликтен келип жумыс ислеп атырған муғаллим-педагоглардың базалық тариф ставкаларына 100 процент үстеме;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 19-майдағы «Өзбекстан Республикасында шет тиллерин үйретиўди ғалаба ен жайдырыў жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5117-санлы қарарына муўапық:

Билимлендириў мәкмелериниң кеминде С-1 дәрежедеги миллий ҳәм ямаса оған теңестирилген сәйкес дәрежедеги халықаралық тән алынған сертификатына ийе шет тили (инглис, француз, немис, испан, итальян, араб, қытай, япон, корейс, түрк, парсы, пушту, дари, урду, ҳинд) муғаллимлерине олардың базалық тариф ставкасына салыстырмалы ҳәр айлық 50 процент үстеме;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-майдағы «Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм жоқары маман кадрларды таярлаўдың үзликсиз системасын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4306-санлы қарарына муўапық:

Халықаралық олимпиадалар жеңимпазларын таярлаған муғаллимлер ҳәм билимлендириў мәкемелериниң директорларына гезектеги оқыў жылы ушын директор фондынан алтын, гүмис ҳәм бронза медальлар бойынша тийисли түрде 150, 175, 200 процент;

Билимлендириў мәкемелеринде муғаллим болып ислеп атырған:

халықаралық олимпиадалар жеңимпазларының лаўазымлық мийнет ҳақысына 150 процент;

тийкарғы олимпиадалардың республикалық басқышы жеңимпазларының лаўазымлық мийнет ҳақысына 100 процент үстеме;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2010-жыл 1-апрельдеги «Аўыллық жерлердеги балалар спорты объектлеринде бәнт болған ҳаял спорт тренерлериниң мийнетин хошаметлеў илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-1315-санлы қарарына муўапық:

аўыллық жерлердеги улыўма билимлендириў мектеплеринде денетәрбия муғаллими және спорт тренери болып ислеп атырған ҳаял-қызлардың тариф ставкаларына ҳәр айда 15 процент үстеме;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-майдағы «2022-2026-жылларда халық билимлендириўин раўажландырыў бойынша миллий бағдарламаны тастыйықлаў ҳаққында»ғы ПП-134-санлы қарарына муўапық:

халықаралық стандартлар талапларына жуўап беретуғын миллий баҳалаў системасында алынған сертификатқа ийе болған педагог кадрларға – олардың тариф ставкасына қарай 50 процент үстеме;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 2-августтағы «Халық билимлендириў министри фондының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы 425-санлы қарарына муўапық:

кәсиплик шеберлигин баҳалаў бойынша өткерилген тест ҳәм сәўбет нәтийжелерине бола ең жоқары балл топлаған қәнигели педагог кадрларға мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 5,5 есеси муғдарында үстеме;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 12-октябрьдеги «Өз алдына оқытыўға мүтәж болған балаларға билим бериўге байланыслы нормативликҳуқықый ҳүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы 638-санлы қарарына муўапық:

инклюзив оқыў классларының оқыўшыларына мийнетиниң айрықша шараятлары ушын ҳәр айда төленетуғын үстеме ҳақы класста өз алдына оқытыў зәрүрлиги болған бир бала ушын лаўазымлық айлығының 10 процентинен – 40 процентине шекем үстеме;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл  7-июньдеги «Алыс аймақларда жайласқан улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде жумыс ислеп атрыған педагог хызметкерлердиң мийнетин буннан былай да хошаметлеў ҳаққында»ғы 471-санлы қарарына муўапық;

алыс аймақларда жайласқан улыўма орта билим бериў мәкемелеринде басқа да аймақлардан келип жумыс ислеп атырған педагог хызметкерлердиң базалық тариф ставкаларына жумыс стажынан келип шығып 10 проценттен – 50 процентке шекем үстеме;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019 –жыл 30-сентябрьдеги «Улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң өрнек көрсеткен хызметкерлерин материаллық хошаметлеў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы 823-санлы қарарына муўапық:

Директор фондының қаржылары есабынан Улыўма билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлерине соның ишинде, педагог, психолог ҳәм китапхана хызметкерлериниң базалық тариф ставкаларына салыстырмалы 10 проценттен – 40 процентке шекем үстеме;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 24-декабрьдеги «Илим ҳәм билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик шөлкемлерде илимий, илимийпедагогикалық ҳәм мийнет етиўдеги илимий дәрежеге ийе хызметкерлерге қосымша ҳақы төлеў тәртиби ҳаққында»ғы  1030-санлы қарарына муўапық:

Илим ҳәм билимлендириў тараўындағы мәмлекетлик шөлкемлерде (кейинги орынларда шөлкем деп аталады) илимийпедагогикалық ҳәм мийнет етиў менен шуғылланатуғын хызметкерлердиң лаўазымлық мийнет ҳақысына қарай:

илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) (ямаса сырт еллерде оларға теңлестирилген дәрежелер) (кейинги орынларда философия докторы деп аталады) илимий дәрежесине ийе болғанлар ушын – лаўазымлық мийнет ҳақысының 30 процентине шекем үстеме;

илим докторы (Doctor of Science) (ямаса сырт еллерде оған теңлестирилген дәреже) (кейинги орынларда илим докторы деп аталады) илимий дәрежесине ийе болғанлар ушын – лаўазымлық мийнет ҳақысының 60 процентине шекем үстеме;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 3-январьдағы «Ҳүрметли атақлардың ийелерине төлемлерди тайынлаў ҳәм әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2-санлы қарарына муўапық:

«Халық» ҳәм «Хызмет көрсеткен ғайраткер» ҳүрметли атақ ийелерине базалық есаплаў муғдарының 3 есеси;

«Хызмет көрсеткен» ҳүрметли атағының ийелерине (қалған кәсиплер бойынша) базалық есаплаў муғдарының 1,6 есеси муғдарында үстеме;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги «Халық билимлендириўи хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўдиң жетилистирилген системасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы  275-санлы қарарына муўапық:

а) класстағы оқыўшылардың санына карай класс басшылығы ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына салыстырмалы 26,4 проценттен –  52,8 процентке шекем класстағы оқыўшылардың санына қарай төмендегише:

15 оқыўшыға шекем – 26,4 процент;

16 дан 20 оқыўшыға шекем – 31,6 процент;

21 дан 25 оқыўшыға шекем – 36,9 процент;

26 дан 30 оқыўшыға шекем – 42,1 процент;

31 ҳәм оннан көп оқыўшы болғанда – 52,8 процент;

б) дәптерлерди ҳәм жазба жумысларды тексергени ушын оқыўшылар санынан келип шығып мийнетине ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына салыстырмалы 8,8 проценттен – 17,6 процентке шекем;

в) информатика кабинетиниң басшылығы ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарына салыстырғанда 17,6 процент;

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 11-августтағы «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Ташкент ислам университети питкериўшилерин қаржылай қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы 347-санлы қарарына муўапық:

Министрлер Кабинети жанындағы Ташкент ислам университетин питкерип, мәмлекетлик уйымларға ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерге жумысқа қабыл етилетуғын бакалавр ҳәм магистрлердиң лаўазымлық мийнет ҳақыларына 20 процент үстеме.

ӨзА