Дүйшемби күни саат 03:07 де Тәжикстанда 3,8 магнитудалы жер силкиниў жүз берди. Эпицентри Ташкенттен 149 км узақлықта болған жер силкиниўи Бекабад, Шийрин, Жаңажер ҳәм Гүлистан қалаларында сезилди. АЖМ Сейсмопрогносзлаў мониторинг орайының хабар бериўине қарағанда, 14-ноябрь күни Ташкент ўақыты менен саат 03:07 де Тәжикистанда 3,8 магнитудалы жер силкиниў жүз берди.
Оның эпицентри Ташкенттен 149 км қубла-батыста болып, жер силкиниў Өзбекстанның:
Бекабад қаласында 3 балл, 33 км;
Шийрин қаласында 3 балл, 33 км;
Жаңаабад районында 3 балл, 34 км;
Жаңажер қаласында 3 балл, 48 км;
Хавас районында 2−3 балл, 50 км;
Бекабад районында 2−3 балл, 51 км;
Байаўыт районында 2−3 балл, 51 км;
Гүлистан районында 2 балл, 68 км;
Замин районында 2 балл, 69 км;
Гүлистан қаласында 2 балды қурады (70 км).
Соның менен бирге, Ташкент ўақыты менен саат 06:36 да екинши мәрте жер силкиниўи жүз берди. Магнитуда 3,5 баллды қурады. Жер силкиниў тереңлиги 60 км болып, эпицентри Ташкенттен 147 км аралықта жайласқан.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги