Бурынғы «Уммон» топары қосықшысы Жасур Рафиқов қайтыс болды . Бул ҳаққында бурынғы топар қосықшыларының бири Шоҳрух Инстаграмдағы бетинде хабарлады. Октябрь айы басларында Шоҳруҳ Инстаграмдағы бетине дослары Зохид ҳәм Жасурдың дәртине даўа тилеп пост жайластырған еди.
Пост астындағы түсиндирмелерде ықласбентлери Жасур Рафиқовтың көп ўақыттан берли рак пенен гүресип атырғанлығы ҳаққында жазып қалдырған.
Группа қосықшыларынан тағы бири Зохид Рисқиев сентябр айының ақырларында Юнусабад районында жайласқан Мега Планет саўда орайы жанында ЖТҲға ушырады.
Ҳәзирги ўақытта ол жанландырыў бөлиминде. Жасалма дем алыў аппаратына жалғанған. Оған барлық тийисли медициналық емлеўлер көрсетилип атыр.
Мағлыўмат ушын, бул топар 2019-жылы тарқап кеткен еди.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги