Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!
Қәдирли дослар!
Сиз, әзизлеримди Уллы Жипек жолының кесилиспесинде жайласқан, дүнья цивилизациясы орайларынан бири болған әййемги Самарқанд қаласында көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Жаңадан аталған Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Саммитине қатнасып атырғаныңыз ушын бәршеңизге өз алдына миннетдаршылық билдиремен.
Өзбекстанға хош келдиңиз, әзиз дослар!
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Бәринен бурын, дүнья халықлары ушын дослық ҳәм тынышлық тымсалы, илим ҳәм ағартыўшылық орталығы болған Самарқанд қаласын «Түркий цивилизация пайтахты» деп жәриялаў басламасын қоллап-қуўатлағаныңыз ушын Сизлерге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Белгили болғанындай, ески түркий жер мың жыллар даўамында Шығыс ҳәм Батысты тутастырып, жәҳән цивилизацияларын бир-бирине жақынластырып, дүнья мәдениятларын байытып келген.
Биз Түркий дүньясы уллы тарийхының жарқын бетлери уллы ата-бабаларымыз тәрепинен биргеликте жаратылғаны менен орынлы түрде мақтанамыз.
Әне усындай бийбаҳа мийрасты сақлап қалыў, оны терең үйренип, келешек әўладларымызға зәлелсиз жеткериў бәршемиз ушын ең тийкарғы ўазыйпа болып табылады.
Бүгинги саммитимиздиң және бир әҳмийетли тәрепи сонда, көп мың жыллық тарийхымыз даўамында түркий шаңарағымыз мине усындай толық түрде, жаңаланған шөлкемимиз шеңберинде жыйналып тур.
«Түркий цивилизацияның жаңа дәўири: улыўма раўажланыў ҳәм абаданлыққа қарай» сүрени астында бәршемиз биргеликте пүткиллей жаңа жетилисиў басқышына қәдем таслап атырғанымызға гүман жоқ.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Мәжилис күн тәртибине көп тәреплемели қатнасықларымыздың ең әҳмийетли мәселелери киргизилген. Бүгин ҳәр тәреплеме бирге ислесиўимиздиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын, баслы бағдарларын ҳәр тәреплеме додалап, әҳмийетли қарарларды қабыл етемиз, деп исенемен.
Соны да айрықша атап өтиўди қәлер едим, күн тәртибине киргизилген мәселелер, концептуаллық ҳүжжет ҳәм бағдарламалар, ең әҳмийетли басламаларымыз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлери руўхына сәйкес ҳәм үнлес болып табылады.
Ҳүрметли делегация басшылары!
Бүгинги күнде бәршемиз кескин геосиясий қарама-қарсылықлар, глобал экономикалық кризис ҳәм климат өзгерисиниң кери тәсирлери менен байланыслы қурамалы сынақларды бастан кеширмектемиз. Сол себепли ҳәзирги қәўетерли жағдайда ең әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша мәмлекетлеримиз улыўма қатнасларды белгилеп алыўы, ҳәрекетлерди сәйкеслендириўи оғада зәрүр.
Биз ҳәр қандай қыйыншылықларды дослық, бирге ислесиў ҳәм бир-биримизди қоллап-қуўатлаў арқалы жеңип өте аламыз.
Кейинги бес жыл даўамында Шөлкемимизге Түркияның басшылығы ўақтында ҳәр қыйлы бағдарлар бойынша бираз жумыслар әмелге асырылғанын, өз-ара бирге ислесиўимиз және де жеделлескенин айрықша атап өтпекшимен.
Өзбекстан да өз басшылығы дәўиринде «Түркий дүнья нәзери – 2040» концепциясы және бүгин қабыл етилген «Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бес жыллық стратегиясы»н нәтийжели әмелге асырыў, 170 миллионнан аслам халық жасайтуғын үлкен регионды өз ишине алған Шөлкемимиздиң абырайын буннан былай да беккемлеў ҳәм ең тийкарғысы – тарийхы, тили ҳәм мәденияты тамырлас болған туўысқан халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди жоқары басқышқа алып шығыў нийетиндемиз.
Ҳүрметли кәсиплеслер!
Биз саммитке таярлық көриў процесинде Шөлкемимиздиң жумысын терең талладық.
Мәмлекетлеримиз арасындағы көп тәреплеме қатнасықларды раўажландырыў ушын биргеликте салмақлы жумыслар орынланғанын атап өтиў керек. Соның менен бирге, еле үлкен потенциал ҳәм имканиятларымыз толық иске қосылмағаны да әйне ҳақыйқат.
Бәринен бурын, бирге ислесиўимиздиң саўда-экономикалық тийкарын беккемлеў мақсетке муўапық.
Мәмлекетлеримиздиң өз-ара товар алмасыўы улыўма сыртқы саўдамыздың тек ғана 4 процентин қурайды. Оның қалғаны болса үшинши ммәлекетлердиң үлесине туўра келмекте. Бундай жағдай бизди, әлбетте, қанаатландырмайды.
Буннан тысқары, мәмлекетлеримиз арасында айырым импорт бажыхана тарифлери жоқары болып қалмақта.
Биз стратегиялық бағдарда жағдайды түп-тийкарынан өзгертиў, саўда, инвестиция ҳәм хызметлердиң еркин ҳәрекетин тәмийинлеў ушын Шөлкемимиз шеңберинде «Жаңа экономикалық имканиятлар аймағы»н дүзиў басламасын алға қоямыз.
Әне усы режемизге ерисиў ушын Шөлкемге ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер және дүньяның жетекши бизнес ўәкиллерин кеңнен тарта отырып, ҳәр жылы Халықаралық түркий экономикалық форумын өткериўди усыныс етемен. Форум шеңберинде «мәмлекет ҳәм бизнес» форматында қоспа илажлар, исбилерменлердиң ушырасыўы ҳәм «дөгерек сәўбет»лери, инновациялық жойбарлар менен таныстырыў ҳәм көргизбелер өткериў үлкен әмелий нәтийже береди. Бул илажлардың жуўмақлары бойынша қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды биргеликте әмелге асырыўға қаратылған жыллық «жол карталары»н қабыл етиўимиз әҳмийетли болады.
Бул жумысларымыз, бәринен бурын, өз-ара саўданы кескин арттырыў ҳәм үшинши мәмлекетлер базарларына биргеликте шығыў, қосымша қунның үзликсиз шынжырын жаратыў, жоқары технологиялық кластерлер ҳәм венчур ширкетлерин шөлкемлестириўге қаратылады.
Усы жерде, биз қоспа инвестициялық фондты иске түсириў усынысын да толық қоллап-қуўатлаймыз.
Күн тәртибиндеги және бир стратегиялық әҳмийетке ийе болған баслы мәселе – бул транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылықты күшейтиў.
Соның ишинде, биз транскаспий халықаралық коридоры ҳаққында көп айтып атырмыз, бирақ сезилерли нәтийжелерге ерисиў ушын бираз жумыслар ислеўимиз керек. Мәселен, Өзбекстан усы транспорт коридоры арқалы 10 процент сыртқы саўда жүклерин тасымақта.
Биз транспорт ҳәм транзит потенциалымызды толық иске қосыў ушын не ислеўсимиз керек, қандай қосымша илажлар көриў керек, оларды қанша мүддетте ҳәм кимлер әмелге асырады, деген сораўларға жуўап табыўымыз керек.
Бул бағдарда бүгин қабыл етилип атырған Бағдарлама тийкарында транспорт министрлеримиз тәрепинен жылдың ақырына шекем қоспа бирге ислесиўдиң анық реже ҳәм нәтийжели механизмлерин ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Тийкарғы итибарды регионымыздағы транзит коридорларының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, бизнес ушын ең мақул тарифлерди енгизиў ҳәм заманагөй транспорт инфраструктурасын жаратыўға қаратыўымыз керек.
Усы жерде, Түркия ҳәм Өзбекстан арасында жақында енгизилген автотранспорт электрон рухсатнамаларын алмасыў системасына Шөлкемимиз басшыларын да қосылыўға шақырамыз.
Быйыл Ташкентте өткерилген Биринши Түркий агрофорум азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында оғада үлкен потенциалымыз бар екенин айқын көрсетти.
Шөлкемимиздиң тек ғана өз мәмлекетлеримизди емес, ал сыртқы базарларды да аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў имканияты бар. Соның менен бирге, бул бағдарда әмелий қәдемлеримизди және де жеделлестириў ҳәм анық жойбарлар тийкарында бирге ислесиўимизди тереңлестириўимиз керек.
Атап айтқанда, төмендегилерди усыныс етемен.
Бириншиден, глобал ҳәм ишки базарларымыздың талаплары, мәмлекетлеримиздиң өндирислик имканиятларынан келип шығып, азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериўдиң нәтийжели системасын жаратыў бойынша Шөлкемимиз шеңберинде көп тәреплеме келисим қабыллаў ўақты келди.
Екиншиден, тараўға инновациялар, заманагөй билим ҳәм алдыңғы технологияларды жедел алып кириў мақсетинде Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми арасында кең көлемли шерикликти орнатыў әҳмийетли.
Үшиншиден, унамлы тәжирийбе тийкарында, Түркий агрофорумын турақлы өткерип барыў ҳәм оның екинши әнжуманында «Смарт» аўыл хожалығы көргизбесин шөлкемлестириў.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Өзбекстанның усынысы менен 2022-жыл Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде «Жаслар басламаларын қоллап-қуўатлаў жылы», деп жәрияланған еди. Оның көлеминде Бухара қаласы – Түркий дүнья жаслары пайтахты статусына ийе болды.
Жас әўладты ҳәр тәреплеме хошаметлеў, олардың қәбилетлерин жүзеге шығарыў мақсетинде басланған саўаплы ислеримизди избе-из даўам еттириў нийетиндемиз.
Келеси жылы елимизде түркий дүнья жасларының илим ҳәм инновациялар халықаралық конгрессин өткериўди усыныс етемен. Оның шеңберинде инновация ҳәм билимлендириў министрлери, жоқары оқыў орынларының ректорлары ҳәм жас жетекшилер, қәбилетли ул-қызларымыз, Шөлкемимиз ақсақалларының кең көлемли ушырасыўларын шөлкемлестириўди нәзерде тутпақтамыз.
Бул жумысларымызды системалы түске енгизиў ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеў мақсетинде Шөлкем бас хаткериниң жаслар мәселелери бойынша орынбасары лаўазымын енгизиў мақул болар еди.
Және бир әҳмийетли бағдар – регионымызда қәўипсизликти исенимли тәмийинлеў болып табылады.
Кейинги ўақытларда дүньяның ҳәр қыйлы орынларындағы қарама-қарсылықлы ўақыялар түркий дүньяның улыўма қәўипсизлигине де тәсир етпекте.
Бундай қыйын жағдайда терроризм, экстремизм, жаслардың радикалласыўы, адам саўдасы, наркотрафикке қарсы гүресиў, жәмийетлик ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў тараўларында ҳуқық қорғаў ҳәм арнаўлы хызметлеримиз турақлы байланыста болыўын және бирге ислесиўди күшейтиўи керек.
Соның менен бирге, Шөлкемимиз мәмлекетлери Қәўипсизлик кеңеси хаткерлериниң гезектеги мәжилисин Өзбекстанда шөлкемлестириўге таяр екенимизди билдиремиз.
Итибарыңызды және бир мәрте әҳмийетли мәселеге қаратпақшыман. Бүгинги күнде жақын қоңсымыз Аўғанстандағы қыйын жағдай бәршемизди әлбетте үлкен тәшўишке салады. Бул мәмлекеттеги жағдайды унамлы тәрепке өзгертиў мәселеси ҳеш қашан нәзеримизден шетте қалмаўы керек.
Аўған мәселеси бойынша улыўмалық көзқарасты ислеп шығыў мақсетинде сыртқы ислер министрлеримиздиң сөйлесиўлерин турақлы өткерип барыўдың тәрепдарымыз.
Қәдирли дослар!
Мен бүгин Өзбекстанның түркий мәденият халықаралық шөлкемине толық ағза болғанын жәриялаўдан қуўанышлыман. Өзиниң 30 жыллығын белгилеп атырған шөлкем шеңберинде келеси жылы түркий халықлар мәденияты фестивалын өткериў усынысын толық мақуллаймыз.
Биз жақында Шөлкемимизге ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер әдебиятының сайланды үлгилеринен ибарат 100 томлық «Түркий әдебият дүрданалары» топламын өзбек тилинде басып шығардық. Бул бийбаҳа руўхый ғәзийнени барлық ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң тиллеринде де басып шығарсақ, туўысқан еллеримизди, бәринен бурын, жас әўладларымызды өз-ара жақынластырыў ушын беккем тийкар жаратқан болар едик.
Мәжилисимиз шеңберинде түркий дүнья бирлигин беккемлеўге шексиз үлес қосқан уллы шайыр ҳәм ойшыл, мәмлекетлик ғайраткер Әлишер Наўайы атындағы халықаралық сыйлық биринши мәрте салтанатлы түрде тапсырылыўы бәршемизди шексиз қуўандырады.
Бул сыйлықты ҳәр жылы берип барыў ҳаққындағы усынысымды қоллап-қуўатлайсызлар, деп үмит етемиз.
Ҳүрметли делегация басшылары!
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң жумысын жаңа сапа басқышына көтериў, оның абырайын буннан былай да арттырыў, шериклигимиздиң потенциалын толық пайдаланыў, қабыл етилип атырған қарарларымыз ҳәм келисимлеримиздиң орынланыўын тәмиийнлеў ең әҳмийетли ўазыйпамыз болып табылады.
Шөлкемимиз шеңберинде жүдә көп структуралар ҳәм ҳәр қыйлы механизмлер шөлкемлестирилген болып, көплеген министрликлер дәрежесинде мәжилислер, басқа да илажлар өткерип келинбекте. Бирақ, ашық тән алыўымыз керек, буларды системалы муўапықластырыў ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеў бағдарында еле бираз жумыс ислеўимиз керек.
Шөлкемимиз келешекте пүткиллей ситемалы тийкарда ислеўи ушын улыўма ҳәрекетлеримизди бирлестириўимиз зәрүр, деп ойлайман.
Сол мақсетте Шөлкемде институционал реформалар өткериўди усыныс етемиз. Онда, бәринен бурын, әҳмийетли бағдарларымыз болған сиясат ҳәм қәўипсизлик, саўда ҳәм инвестиция, транспорт, аўыл хожалығы, энергетика, мәлимлеме технологиялары, туризм, инновация ҳәм билимлендириў, медицина, жаслар ҳәм басқа да тараўлар бойынша министрликлер дәрежесинде өз алдына комитетлер дүзиўди усыныс етемен. Олардың жумысына эксперт ҳәм илимпазларды, жәмийетшилик ҳәм сектор ўәкиллерин жедел тартыў үлкен нәтийже беретуғынына гүман жоқ.
Буннан тысқары, Шөлкемимиз Секретариатының орны ҳәм тәсирин кескин арттырыўды дәўирдиң өзи талап етпекте. Ол ҳәр бир бағдар бойынша жумысты нәтийжели шөлкемлестириўи, көп тәреплеме нәтийжели бирге ислесиўимиздиң тәсиршең күшине айланыўы керек.
Бүгин бул жерде билдирилген пикирлерден келип шығып, Секретариаттың жаңа структурасын келешекте саммитимизде тастыйықлаймыз, деп исенемен.
Және бир мәселе – бул мәмлекет басшылары тәрепинен қабыл етилип атырған барлық қарар ҳәм ҳүжжетлердиң қатаң қадағалаў системасын күшейтиў менен байланыслы. Бул процесске Шөлкемимиз ақсақаллар кеңесин тартыў, олардың бай тәжирийбе ҳәм маманлығынан нәтийжели пайдаланыўымыз керек, деп есаплайман.
Ҳүрметли дослар!
Түркий дүньямыздың ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы тарийхы, ата-бабалары ҳәм шексиз байлықлары бар. ҳәм мен исенемен, Түркий дүньяны уллы келешек күтпекте.
Бул келешекти, мийнеткеш, кеңпейил ҳәм уллы халқымыз бенен биргеликте жарататуғынымызға гүман жоқ.
Әййемги Самарқанд қаласындағы саммитимиз болса түркий дүнья цивилизациясының заманагөй тарийхында жаңа раўажланыў басқышын баслап береди.
Бүгин әне усындай ийгиликли идеяны өзинде жәмлеген Самарқанд декларациясы да қабыл етиледи.
Сондай-ақ, шөлкемимиз шеңберинде 2023-жылды Түркий цивилизацияның жоқарылаў жылы, деп жәриялаў ҳаққындағы усынысымызды қоллап-қуўатлағаныңыз ушын миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Пурсаттан пайдаланып, барлық кәсиплеслеримиздиң атынан Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Қасым Жомарт Кемелевич Тоқаевқа ҳәм дос Қазақстан халқына жақында болатуғын әҳмийетли сиясий илаж – Президент сайлаўы табыслы өтиўин тилеймиз.
Данышпан қазақ ели жақында өз мәмлекетиниң тынышлығы ҳәм раўажланыўы, алып барып атырған әҳмийетли реформалардың даўамлылығы ушын даўыс беретуғынына исенемиз.
Сөзимниң жуўмағында Шөлкемимиз Бас хаткери сыпатында өзиниң жумысын жуўмақлап атырған Бағдод Амреев мырзаға да айрықша миннетдаршылық билдиремен. Келеси жумысларыңызда табыс ҳәм әўмет яр болсын.
Жаңа Бас хаткер, тәжирийбели дипломат Қуваничбек Омуралиев мырзаны лаўазымға кирисип атырғаны менен шын кеўлимнен қутлықлайман. Сизге жуўапершиликли жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.
Итибарыңыз ушын рахмет.