Усы жыл 12-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында медицина хызметкерлериниң кәсиплик байрамына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, медицина хызметкерлерин ҳәм тараў ветеранларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан кәсиплик байрамы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, 2006-жылы 12-сентябрьде қабыл етилген «Өзбекстан Республикасы медицина хызметкерлери күни белгилеў ҳаққында»ғы Нызамға муўапық елимизде ноябрь айының екинши екшембиси медицина хызметкерлериниң кәсиплик байрамы сыпатында белгиленип келинбекте.
Президентимиздиң басламасы менен республикамызда медициналық жәрдем көрсетиўди жетилистириў, халықтың арасында кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў, медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, кадрлар потенциалын арттырыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Бунда Президентимиздиң усы жыл 7-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жылларда халықтың саламатлығын қорғаўды буннан былай да күшейтиў ҳаққында»ғы қарары айрықша әҳмийетке ийе болды.
Усы қарар тийкарында Нөкис қалалық медицина бирлеспеси қурамында 20 орынлық хирургия бөлими, аўыр наўқаслар ушын 20 орынлық паллиатив жәрдем көрсететуғын бөлим шөлкемлестирилди. Республикамызда 120 орынлық балалар медициналық реаблитация орайын шөлкемлестириў, аймақлық перинатал орайын 36 түрдеги 261 дана әсбап-үскене менен тәмийинлеў жумыслары алып барылмақта.
Халыққа, соның ишинде, туўма жүрек нуқсаны менен туўылған балаларға жоқары технологияларға тийкарланған қәнигелестирилген медициналық хызмет көрсетиўди тәмийинлеў, алыс аймақларда медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, шараяты аўыр мәҳәллелердеги денсаўлықты сақлаў тараўындағы машқалаларды сапластырыў илажлары көрилмекте. Жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў, хызметкерлердиң кәсиплик билимин жетилистириў илажлары әмелге асырылмақта.
Илажда бир топар тараў хызметкерлерине көкирек белгилери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Салтанатлы мәжилис көркем өнер шеберлериниң байрам концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги