Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетине бағышланған семинар болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары, Сенат ағзалары, министрликлер, мәкеме, кәрхана, шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Семинарды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев кирис сөз бенен ашты.
Буннан кейин Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары З.Ибрагимова, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты М.Ибрагимов, Сенаттың Арал регионын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети баслығының орынбасары Б.Матмуратов, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасары Э.Мухитдинов шығып сөйлеп, жаңа редакциядағы Мийнет кодексиниң мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетине, сондай-ақ ондағы жеңилликлер менен имканиятларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде мийнет қатнасықларына жаңаша қатнас жүзеге келди. Мүлк ийелери ҳәм ис бериўшилердиң саны кескин артты. Булардың барлығы мийнет базарында да жаңа реформаларды талап етеди.
Бундай шараятта мийнет нызамшылығын модернизациялаўға байланыслы ўазыйпаларды әмелге асырыў дәўир талабы болып табылады.Усы жағынан жаңа Мийнет кодексиниң жойбары ислеп шығылды ҳәм бул процессте оннан аслам халықаралдық шөлкемниң, атап айтқанда, халықаралық мийнет шөлкеминиң бир қатар конвенциялары, алпыстан зыят мәмлекеттиң тәжирийбеси үйренилди.
Жаңа кодексте хызметкерлердиң жеке мағлыўматларын қорғаўға бағышланған нормалар киргизилди. Усы нормалардың әмелге асырылыўы хызметкерлердиң жеке мағлыўматларының қол қатылмаслығына болған нызамлы ҳуқықларын толық қорғаў имканиятын береди. Сондай-ақ, қысман мийнет ҳақы менен дем алыс бериў тәртиби белгиленди. Бул болса, экстремал жағдайларда, соның ишинде, пандемияға қарсы илажларды әмелге асырыўға бейимлескенликти тәмийинлейди.
Алдынлдары Мийнет кодексине муўапық, жыллық тийкарғы дем алыс мүддети он бес жумыс күни қурайтуғын еди. Жаңа тәртипке муўапық, жыллық тийкарғы мийнет дем алысының даўамлылығының ең аз мүддети жигирма бир календарь күни етип белгиленди ҳәм халықаралық стандартқа муўапықластырылды. Жаңа кодексте хызметкер ҳәм жумыс бериўшиниң ҳуқық ҳәм миннетлери толық жәҳән стандартларына бейимлестирилген ҳалда белгилеп берилгенлиги атап өтилди.
Семинар қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.