14-ноябрь күни Өзбекстан аймағының көпшилик бөлиминде жаўын-шашын бақланбайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында атмосфера фронты өтиўи нәтийжесинде жаўын жаўады. Бухара, Наўайы ўәлаятларында болса бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Күндизги ҳаўа температурасы 9-14 градус жыллы әтирапында болады. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.
15-ноябрьде Волгабойы аймақларынан суўық ҳаўа массалары кирип келиўи менен Қарақалпақстан Республикасының айырым жерлеринде жаўын жаўады, Үстиртте жаўын қарға айланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы әдеттегидей норма әтирапында сақланып турады.
16-ноябрьде суўық ҳаўа массасы Өзбекстанның барлық аймақларына тарқалады. Базы жерлерде жаўын жаўады, айырым жерлерде жаўынның изи қарға айланыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында жаўын-шашын күтилмейди. Күндизги ҳаўаның температурасы 5-7 градус жыллыға шекем түседи, бул усы күнлер ушын күтилетуғын нормадан 8-10 градусқа төмен болып табылады.
17-ноябрьде жаўын-шашын күтилмейди, бирақ суўық ҳаўа массасының тәсири сақланып турады. Ҳаўаның температурасы түнде 0-2 градус суўыққа шекем түседи, күндизги қуяш есабынан 8-10 градус жыллыға көтериледи.
18-ноябрьде Өзбекстан аймағына Иран аймақларынан жыллы ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте, республика бойлап базы жерлерде жаўын жаўыўы мүмкин.
Ҳәпте даўамында республика бойлап айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.
14-15-ноябрь күнлери Өзбекстан бойлап айырым жерлерде самал 17-22 м/с қа шекем күшейеди, Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Жиззақ ўәлаятларының базы жерлеринде самалдың күшейиўи 25-28 м/с қа жетиўи мүмкин.
14-18-ноябрь күнлери Өзбекстанның таў алды ҳәм таўлы аймақларында ўақты-ўақты менен жаўын-шашын (жаўын, қар) болып, 15-16-ноябрьде Ташкент, Қашқадәрья, Наманган ўәлаятларында айырым жерлерде жаўын-шашын күшли болыўы мүмкин. Буның нәтийжесинде таў алды ҳәм таўлы аймақларда сел-суў тасқыны ҳәдийселери жүзеге келиўи мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.