«Манчестер Юнайтед» футболшысы Криштиану Роналду өз интервьюинде команда тренери Эрик Тен Ҳаагти ҳүрметлемейтуғынлығын айтты. Сондай-ақ, футболшы команда ойыншылары оның кетиўин қәлегенин билдирди.
«Манчестер Юнайтед» мени командадан кетиўге мәжбүрлемекши болды. Тек тренер емес, ал клуб ишиндеги басқа адамлар да. Маған қыянет еткенин сездим. Базылар мени бул мәўсим, бәлким өткен мәўсимде де «Манчестер Юнайтед»те көриўди қәлемеди, деген пикир бар. Мен Тен Ҳаагти ҳүрмет етпеймен, себеби ол мени ҳүрметлемейди. Егер мени ҳүрмет етпесеңиз, мен сизди ҳеш қашан ҳүрметлемеймен», – деди футболшы өзиниң интервьюинде.
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги