Қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли кәсиплик аўқамлары хызметкерлери ҳәм белсендилери!
Бәринен бурын, сиз әзизилерди, сизлердиң тымсалыңызда усы халықшыл шөлкемниң миллионлаған ағзаларын елимизде кеңнен белгиленип атырған Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге жоқары ҳүрмет-иззетим ҳәм шын жүрегимнен жақсы тилеклеримди билдиремен.
Бүгинги күнде мәмлекетимизде еркин ҳәм абадан турмыс, демократиялық жәмийет қурыў жолында алып барылып атырған басқышпа-басқыш реформаларымыз ҳәм олардың әмелий нәтийжелерин тәмийинлеўде кәсиплик аўқамларының да мүнәсип үлеси бар екенин бәршемиз тән аламыз.
Дерлик 120 жыллық тарийхқа ийе Өзбекстан кәсиплик аўқамлары жумысы даўамында раўажланыў ҳәм төменлеў дәўирлери де жүз берген, бирақ бул шөлкем ҳеш қашан өзиниң әҳмийетлилигин жойытпаған. Әсиресе, кейинги жылларда кәсиплик аўқамларының турмысында жаңа раўажланыў басқышы басланды, десек алжаспаймыз.
Ҳәзирги ўақытта елимизде кәсиплик аўқамлары системасында 34 мыңнан аслам басланғыш шөлкем нәтийжели жумыс ислеп, тараў бойынша 6 мың 700 ден аслам хызметкер ҳәм 300 мыңға шамалас белсендилер пидәкерлик пенен хызмет етпекте.
Кәсиплик аўқамлары ағзаларының мийнетке байланыслы ҳуқықлар менен мәплерди тәмийинлеў, мийнет жәмәәтлеринде хызметкерлерди социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў мақсетинде кейинги жылларда кәсиплик аўқамлары системасында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Өткен дәўирде тараў хызметкерлериниң ҳәрекетлери менен 5 мың 425 жумысшы-хызметкердиң мийнет ҳуқықлары тикленип, олардың пайдасына 11 миллиард сумға шамалас қаржы өндирилгени мийнет нызамшылығын тәмиийнлеўде кәсиплик аўқамларының орны әҳмийетли екениниң әмелий дәлили болды.
Соның менен бирге, мийнетти қорғаў бойынша 932 кәрхана ҳәм шөлкемдеги хызметкердиң өмири ҳәм мийнети ушын қәўип туўдырыўы мүмкин болған 5 мыңнан аслам кемшиликтиң сапластырылыўы бул бағдарда нәтийжели система жаратылғанынан дәрек бермекте.
Кәсиплик аўқамларының белсендилери тәрепинен жаз мәўсиминде республика бойынша 400 мыңнан аслам балалардың дем алыў орынларында болыўы шөлкемлестирилгенин, 143 мыңнан аслам хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, 300 ден аслам урыс ҳәм мийнет фронты ветеранларының системаға қараслы санаторийларда жеңилликли тәризде саламатландырылғанын айрықша атап өтиў керек.
Быйыл Ферғана ўәлаяты Сух районында заманагөй балалар дем алыў орайы ҳәм Ташкент ўәлаятының Паркент районында «Заркент» санатораиясы қурылды. Әсиресе, кәсиплик аўқамлары күни алдынан Бостанлық районындағы Чимён зонасында пайдаланыўға тапсырылған «Севарсой» санаториясы елимиз мийнеткешлери ушын өзине тән байрам саўғасы болды.
Сондай-ақ, 100 жылдан аслам тарийхқа ийе, өз ўақтында миллий көркем өнеримиз ҳәм дүнья мәдениятының белгили тулғалары өзиниң бийтәкирар ҳәм айқын қәбилетин көрсеткен Ташкент қаласы орайындағы бурынғы мәденият орны бүгин жаңа көриниске ийе болып, «Кәсиплик айқамлары сарайы» сыпатында қайта қурылды. Бул көркем өнер сарайы кәсиплик аўқамларының ҳәрекети менен өзбек мәденияты ҳәм көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў, жас әўладымыздың руўхый дүньясын арттырыў сыяқлы саўаплы иске салмақлы үлесин қосады, деп исенемен.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының Мийнет ҳәм социаллық қорғаў қатнасықлары академиясының шөлкемлестирилгени тараў ушын жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў ҳәм мийнет қатнасықларын илимий изертлеў көзқарасынан үлкен әҳмийетке ийе болып табылады.
Кейинги жылларда Өзбекстан кәсиплик аўқамларының сырт еллердеги түрлес ҳәм халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў байланыслары раўажланып атырғаны елимиздиң абырайын дүнья жүзи көлеминде арттырыўға хызмет етпекте. Атап айтқанда, Орайлық Азия мәмлекет басшыларының мәсләҳәт кеңесине уқсас тәризде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының басламасы менен дүзилген Орайлық Азия мәмлекетлери кәсиплик аўқамлары кеңеси регион мәмлекетлериниң мийнеткешлери арасында дослық ҳәм аўызбиршилик, өз-ара пайда ҳәм исеним принциплерине тийкарланған жақын қоңсышылық қатнасықларын жедел раўажландырыў ушын өзине тән қарым-қатнас майданы ўазыйпасын атқарып келмекте.
Соны да атап өтиў керек, ҳәзирги күнде кәсиплик аўқамларының елимиздиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы орны ҳәм тәсири барған сайын артып бармақта. Буның себебин, бәринен бурын, шөлкемниң халықтың ишине терең кирип атырғаны, адамлардың аўырын жеңиллетиў, ел-халықтың хызметине тақ турыўды өзиниң әмийетли ўазыйпасы сыпатында белгилеп алғанында, деп билемиз.
Өткен дәўир ишинде «Ҳаял-қызлар дәптери» системасы арқалы жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар, ҳәкимликлер менен биргеликте 1,5 миллионға шамалас апа-қарындасларымыздың машқалаларын «пуқара кесими» тийкарында үйренип, шешиўде кәсиплик аўқамлары айрықша баслама ҳәм жанкүйерлик көрсетпекте. Бул бағдарда Федерация жанында шөлкемлестирилген «1211» исеним телефонына ҳаял-қызлар тәрепинен келип түскен 130 мыңға шамалас мүрәжатларда билдирилген мәселелердиң шешилгени де соннан дәрек береди.
Кооперация усылындағы исбилерменлик тәжирийбесин ғалаба ен жайдырыў бойынша иске түсирилген 924 жойбар арқалы 100 мыңнан аслам халық, соның ишинде, 73 мыңға шамалас ҳаял-қызларымыз жумыс пенен тәмийинленди.
Пурсаттан пайдаланып, елимизде пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, олардың нызамлы мәплерин тәмийинлеў, халықтың мүтәж қатламын және мийнет жәмәәтлери ағзаларын социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў жумысларына белсене қатнасып киятырған сиз, әзизлерге шын жүрегимнен миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли дослар!
Бәршемизге белгили, елимиздиң кәсилик аўқамлары өзлериниң қатарында 5,5 миллионнан аслам хызметкерлерди бирлестирген ең ири жәмийетлик шөлкем болып табылады. Оның ағзаларының саны турақлы түрде көбейип бармақта. Сол ушын да кәсиплик аўқамлары күни республикамыздың барлық жумысшы-хызметкерлери тәрепинен әҳмийетли сәне сыпатында кеңнен белгиленеди.
Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында белгиленген, инсан қәдири ҳәм оның абырайын улығлаўға қаратылған халықшыл сиясаттың әмелий көриниси сыпатында 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнине мийнеткешлер байрамы, улыўмахалықлық байрам статусын бериў ҳәм усы күнди дем алыс күни деп белгилеўди усыныс етемен.
Бүгинги қыйын ҳәм жедел дәўир кәрхана ҳәм шөлкемлерде хызметкерлердиң кәсиплик, мийнетке байланыслы, социаллық-экономикалық ҳуқықларын тәмийинлеў системасын буннан былай да күшейтиўди талап етпекте ҳәм сиз, әзизлер бул бағдарда ҳәр тәреплеме белсендилик көрсетесиз, деп исенемен.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
Ҳүрметли кәсиплик аўқамлары хызметкерлери!
Мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз тәрепинен буннан былай да ҳәр қашан қоллап-қуўатлаў тийкарында жумысшы ҳәм хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм олардың мийнет ҳақы муғдарын арттырып барыў бойынша барлық имканиятлар әмелге асырылады.
Себеби нәтийжели мийнет етиў ҳәм олардың рәҳәтин көриў – ҳәр бир инсан турмысының мазмун-мәниси болып табылады.
Өз алдымызға қойған үлкен ҳәм ийгиликли ўазыйпаларды әмелге асырыў, «Ел әзиз, инсан әзиз» деген уллы идеяны елимиздеги ҳәр бир кәрхана ҳәм шөлкемде ен жайдырыў, мийнетти абаданлық ҳәм бахыт дәрегине айландырыў көп тәреплеме кәсиплик аўқамлары ҳәм олардың нәтийжели мийнетине де байланыслы болып табылады.
Бәршеңизди бүгинги қутлы байрам – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни менен және бир мәрте шын жүрегимнен қутлықлап, шаңарақларыңызға саў-саламатлық, тынышлық-татыўлық, қут-берекет, жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда болса жаңа табыслар яр болыўын тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти