Ҳүрметли шыпакерлер!

Қәдирли тараў пидайылары!

Бәринен бурын, халқымыздың денсаўлығын сақлаўдай жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жолда аянбай, пидәкерлик пенен мийнет етип атырған сиз, әзизлерди Медицина хызметкерлери күни менен шын жүрегимнен қутлықлап, бәршеңизге ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Белгили грек тәўиби Гиппократтың: «Медицина ҳәм данышпанлық өз-ара үнлес ҳәм байланыслы» деген сөзлеринде үлкен мәни бар.

Ҳақыйқатында да, дүньядағы бийбаҳа байлық, теңсиз жемис есапланған инсанның денсаўлығын сақлаў, наўқастың кеўлинде үмит оятып, оны саламат турмысқа қайтарыў ушын шыпакер тек ғана терең билим ҳәм тәжирийбе ийеси емес, соның менен бирге жоқары ақыл-парасат және уллы қәлб ийеси болыўы керек.

Өзиниң өмирин әне усындай уллы ҳәм саўаплы кәсипке бағышлап, адамлардың дәртине дәрман болыўды муқаддес парыз  деп билген медицина хызметкерлериниң атына ҳәмме ўақытта рахметлер айтсақ, әлбетте арзыйды.

Әзиз шыпакерлер ҳәм мийирбийкелер!

Кейинги жылларда Өзбекстанда ҳәр бир пуқара ушын жоқары сапалы ҳәм қәнигели медициналық хызмет системасын жаратыў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленип, бул бағдарда  кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны сизлерге жақсы белгили.

«Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли принципти жәмийетимиз турмысында толық жүзеге шығарыў мақсетинде кейинги ўақытта елимизде денсаўлықты сақлаў тараўы ўәкиллери менен турақлы ушырасып, алдымызда турған ўазыйпалар ҳәм әҳмийетли машқалалардың шешимлери ҳаққында пикирлесип алыў жақсы дәстүрге айланды.

Быйыл сизлер менен өткерилген сөйлесиўлеримиз де ҳәр тәреплеме пайдалы болды. Соның нәтийжесинде 2022-жылы тараўға байланыслы жигирмадан аслам нызам, пәрман ҳәм қарарлар және басқа да зәрүрли нормативлик ҳүжжетлер қабыл етилип, турмысқа басқышпа-басқыш енгизилмекте.

Бүгинги күнде сизлердиң белсенди ҳәрекетлериңиз бенен медицина хызмети тиккелей мәҳәллелерге, ҳәр бир ўатанласымыздың шаңарағына кирип бармақта. Жоқары қәнигели шыпакерлер, илимпаз ҳәм қәнигелер орынларға шыққан ҳалда, аўыр  кеселликлерден қыйналып атырған наўқаслардың денсаўлығын тиклеўге мүнәсип үлес қоспақта.

Быйыл аймақлар бойлап өткерилген саламатлық акциялары шеңберинде ўатанласларымыздың 210 мыңы амбулатор ҳәм 65 мыңы стационар шараятта саламатландырылғаны салмақлы нәтийжелерден бири болды. Биз бундай ийгиликли ҳәм саўаплы ислерди келешекте де даўам еттиремиз.

Адамның  өмирин ҳәм саламатлығын қәстерлеп сақлаўдай ең әҳмийетли ўазыйпаны атқарыўда бирде-бир мәселени итибардан шетте қалдырыў, машқалалардың шешимине бийпарық қараў мүмкин емес екенин бәршемиз жақсы түсинемиз.

Сонлықтан, медицина тараўын раўажландырыў процесинде, бәринен бурын, бул бағдардағы ҳәзирги қатнаслар менен мүнәсибетлерди түп-тийкарынан өзгертип, «инсан – жәмийет – мәмлекет» деген принципти турмысқа енгизиў әҳмийетли мәселе болып қалмақта.

Усы мақсетте медицинаның басланғыш буўынын күшейтиў, әсиресе, аўыл ҳәм мәҳәллелерде медицина хызметин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериўге айрықша әҳмийет бермектемиз.

Атап айтқанда, 2022-жылы орынларда 100 ден аслам шаңарақлық шыпакерлик пункти, поликлиникаларда және шетки аймақларда 1000 нан аслам мәҳәлле медицина пунктлери шөлкемлестирилди. Нәтийжеде қосымша түрде 3,5 миллион халықты басланғыш медициналық хызмет пенен қамтып аыўға ерисилди.

Шаңарақлық шыпакерлер тәрепинен халыққа бийпул тарқатылатуғын 70 түрдеги дәри-дәрмақлар ушын қаржылар көлеми өткен жылға салыстырғанда 3 есеге  көбейтилди. Басланғыш медицина мәкемелери заманагөй ультрасес, электрокардиограмма үскенелери, стоматологиялық ҳәм хирургиялық топламлар менен үскенеленбекте.

Шаңарақлық поликлиникаларда күндизги емлеў орынларының шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде  740 мың адам емлеўханаға бармай, тиккелей өзи жасайтуғын мәҳәлледе емлениў имканиятына ийе болды.

Мәмлекетимизде жеке меншик медицина мәкемелерин раўажландырыў мақсетинде бул клиникаларға салық ҳәм бажыхана жеңилликлери берилип, мәжбүрий туристлик жыйымлар бийкар етилди және мәмлекетлик қаржылар есабынан медициналық хызмет көрсетиўге рухсат етилди.

Саламатлық сақшыларының аўыр ҳәм жуўапкершиликли мийнетин мүнәсип қәдирлеў, олардың өзиниң кәсибинен мәпдарлығын арттырыў мәселеси де мәмлекетимиздиң турақлы дыққат орайында тур.

Жақында тараў хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы 30 процентке шекем көбейтилип, жумыс нәтийжелилигине қарай дифференцияластырыған хошаметлеў және үстеме енгизилгени де бул жолда әҳмийетли қәдем болғанын атап өтиў зәрүр.

Денсаўлықты сақлаў системасында унамлы нәтийжелер менен бир қатарда, еле алдымызда орынлаўымыз зәрүр болған ўазыйпалар да жеткиликли екенин бәршемиз жақсы түсинемиз.

Бул ҳаққында айтқанда, медицина системасын раўажландырыў жолында басланған ҳәм халқымыздың саламатлығын сақлаўда айрықша әҳмийетке ийе болған төмендеги мәселелерди атап өтиў орынлы, деп ойлайман.

Бүгинги күнде наўқаслардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўде олардың таңлаўына ҳүрмет пенен қараў зәрүрлигин турмыстың өзи талап етпекте.

Әне усы зәрүрликтен келип шығып, буннан кейин медицина системасын «қаржыны тиккелей наўқасқа жумсаў» принципи тийкарында қаржыландырыўға айрықша итибар қаратылады. Яғный, қаржылар медицина мәкемелерине улыўма тәризде емес, ал емленип атырған наўқасларға жумсалған қәрежетлерден келип шығып қаратылады.

Халықтың арасында саламат турмыс тәризин беккемлеў, аналардың ҳәм балалардың денсаўлығын қорғаў, ҳәр бир пуқараның денсаўлығын қәстерлеп сақлаў, оларды қәнигели медициналық хызмет пенен қамтып алыў мәселелери буннан кейин де әҳмийетли ўазыйпамыз болып қалады.

Ҳүрметли медицина хызметкерлери!

Денсаўлықты сақлаў тараўын жедел ҳәм нәтийжели, халықшыл системаға аландырыў жолындағы реформаларымыз процесинде сизлер өзиңиздеги жуўапкершиликли ўазыйпаны мақтаныш пенен атқарыўыңыз ушын  бар билим ҳәм шеберлигиңиз, потенциалыңыз ҳәм тәжирийбеңиз, күш-жигериңизди жумсайтуғыныңызға исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизди кәсиплик байамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, алдағы жумысыңызда үлкен табыслар, шаңарағыңызға бахыт-ығбал, қут-берекет тилеймен.

Ҳәмийше аман-есен болың, әзиз шыпакерлер!

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти