«Түрксай структурасы ҳәм хызмет көрсетиў принциплери ҳаққындағы Шәртнаманы (Алма-ата, 1993-жыл 12-июль) ратификациялаў ҳаққында»ғы Нызамға (ӨРН-802, 10.11.2022-ж) Президент тәрепинен қол қойылды.
Нызамға бола, Түрксай структурасы ҳәм хызмет көрсетиў принциплери ҳаққындағы Шәртнама (Алма-ата, 1993-жыл 12-июль) ратификацияланды.
Мағлыўмат ушын, Түрксай халықаралық шөлкеми 1993-жылы Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Өзбекстан, Түркменстан ҳәм Түркия Республикасы арасындағы келисим нәтийжесинде шөлкемлестирилген.
Структураның тийкарғы ўазыйпасы түркий халықлардың руўхый жақынласыўы ҳәм туўысқанлық бирлигин беккемлеў, түркий мәдениятт дүньяға танытыў ҳәм оның дәстүрлерин келешек әўладларға жеткериў болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги