Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимизде медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў, халықтың саламатлығын исенимли қорғаў, жәмийетте саламат турмыс тәризин беккемлеў бағдарындағы көп жыллық жемисли мийнети, денсаўлықты сақлаў системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, заманагөй емлеў усылларын әмелиятқа енгизиў, тараўға байланыслы бағдарламалардың орынланыўын табыслы әмелге асырыўға қосқан мүнәсип үлеси, жоқары потенциалға ийе қәнигелерди таярлаў жолындағы үлкен хызметлери ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасы ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен

Жумабаева Гүлмира Уразымбетовна – Қоңырат районындағы 70-шаңарақлық поликлиникасы баслығы

II дәрежели «Саломатлик» ордени менен

Айтеков Бакир Шукирлаевич – Республикалық тез медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалы реанимация бөлими шыпакери

Мадаминов Алишер Аскарович – Хожели районы медицина бирлеспесиниң тез медициналық жәрдем бөлими травмотологи

«Дўстлик» ордени менен

Каипов Сапарбай Уразбаевич-Шымбай районы медицина бирлеспесиниң тез медициналық жәрдем бөлими хирурги

«Шуҳрат» медалы менен

Камалов Қосимбет Жамалович – Нөкис қалалық медицина бирлеспесиниң тез медициналық жәрдем бөлими айдаўшысы

Өзбексатан Республикасы

Президенти                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 11-ноябрь