11-ноябрь күни Самарқанд қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Түркий мәмлекетлер шөлкеми мәмлекет басшыларының «Түркий цивилизацияның жаңа дәўириҮ улыўма раўажланыў ҳәм абаданлыққа қәдем» темасындағы мәжилиси болып өтти.

Илажда Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм Венгрия Бас министри Виктор Орбан қатнасты.

Сондай-ақ, Халықаралық түркий мәденият шөлкеми (ТҮРКСАЙ), Түркий мәмлекетлердиң парламент ассамблеясы  (ТҮРКПА), Халықаралық түркий академия, Түркий мәденият ҳәм мийрас қоры, усы көп тәреплеме структура Секретариаты басшылары қатнасты.

Мәжилистиң күн тәртибине муўапық, мәмлекет басшылары сиясий, экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективаларын додалады. Өз-ара байланыслықты күшейтиў, туризм, энергетика ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Аймақлар арасында илим ҳәм билимлендириў, технологиялар ҳәм инновациялар бағдарындағы бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлерин ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде тынышлық ҳәм дослық рәмзи, илим ҳәм ағартыўшылық  орайы болған Самарқанд қаласын «Түркий цивилизация пайтахты» деп жәриялаў басламасы қоллап-қуўатланғаны ушын саммит қатнасыўшыларына миннетдаршылық билдирди.

– Әййемги түркий дияр мың жыллар даўамында Шығыс пенен Батысты тутастырып, дүнья цивилизацияларын бир-бирине жақынластырып, дүнья мәдениятларын байытып келген. Биз Түркий дүнья уллы тарийхының жарқын бетлери уллы ата-бабаларымыз тәрепинен биргеликте жаратылғаны менен ҳақылы түрде мақтанамыз,-деди Өзбекстан жетекшиси.

Геосиясий тартыслар, глобал экономикалық кризис ҳәм климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлери артып баратырған шараятта ең әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша мәмлекетлеримиз улыўма қатнасларды белгилеп алыўы, ҳәрекетлерди үйлестириўи оғада әҳмийетли.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан өз басшылығы дәўиринде «Түркий дүнья нәзери – 2040» концепциясы ҳәм бүгин қабыл етилип атырған Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң бес жыллық стратегиясын нәтийжели әмелге асырыў, 170 миллионнан артық халық жасайтуғын үлкен регионды өз ишине алған Шөлкемниң абырайын және де беккемлеў ҳәм ең тийкарғысы – тарийхы, тили ҳәм мәденияты бирдей болған туўысқан халықларымыз ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы бирге исесиўди жоқары басқышқа алып шығыў нийетинде.

Өзбекстан басшысы Шөлкемниң жумысы терең таллаў тийкарында түркий мәмлекетлердиң үлкен потенциалы ҳәм имканиятларын иске қосыўға қаратылған бир қатар басламаларды алға қойды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў тийкарларын беккемлеў мақсетке муўапық екени атап өтилди.

– Мәмлекетлеримиздиң өз-ара товар айланысы улыўма сыртқы саўдамыздың тек ғана 4 процентин қурайды. Оның қалғаны болса үшинши мәмлекетлердиң үлесине туўра келмекте. Әлбетте, бундай жағдай ҳеш биримизди қанаатландырмайды,-деп атап өтти Президентимиз.

Бул стратегиялық бағдарда жағдайды түп-тийкарынан өзгертиў, саўда, инвестиция ҳәм хызметлердиң еркин ҳәрекетин тәмийинлеў ушын Шөлкем шеңберинде «Жаңа экономикалық имканиятлар аймағы»н қурыў басламасы алға қойылды.

Бул мақсетке ерисиў ушын мәмлекетимиз басшысы ҳәр жылы Халықаралық түркий экономикалық форумын өткериўди усыныс етти. Форум шеңберинде «мәмлекет ҳәм бизнес» форматында биргеликтеги илажлар, исбилерменлердиң ушырасыўлары ҳәм дөгерек сәўбетлери, инновациялық жойбарлардың презентациялары ҳәм көргизбелерди өткериў үлкен әмелий нәтийже береди. Бул илажлардың жуўмақлары бойынша қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды биргеликте әмелге асырыўға қаратылған жыллық «Жол карталары» қабыл етилиўи айрықша әҳмийетке ийе болады.

Бул илажлар, бәринен бурын, өз-ара саўданы кескин арттырыў ҳәм үшинши мәмлекетлердиң базарларына биргеликте шығыў, қосымша қунниң үзликсиз шынжырларын жаратыў, жоқары технологиялық кластерлер ҳәм венчур ширкетлерди шөлкемлестириўге қаратылады.

Күн тәртибиндеги және бир стратегиялық әҳмийетке ийе болған әҳмийетли мәселе – бул транспорт тараўындағы өз-ара байланыслылықты күшейтиў.

– Биз Транскаспий халықаралық коридоры ҳаққынла сөз етип атырмыз, бирақ сезилерли нәтийжелерге ерисиў ушын көплеген жумыслар ислеўимиз керек,-деди Өзбекстан Президенти.

Транспорт министрлери тийкарғы итибарды регионымыздағы транзит коридорларының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, бизнес ушын ең қолайлы тарифлерди енгизиў ҳәм заманагөй транспорт инфраструктурасын жаратыўға қаратқан ҳалда жылдың ақырына шекем бирге ислесиўдиң анық реже ҳәм нәтийжели механизмлерин ислеп шығыўы усыныс етилди.

Быйыл Ташкентте өткерилген Биринши Түркий агрофорум азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында жүдә үлкен потенциал бар екенлигин анық көрсеткени атап өтилди.

– Шөлкемимиздиң тек ғана өз мәмлекетлеримизди емес, ал сыртқы базарларды да аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў имканияты бар,-деди Өзбекстан басшысы.

Усы мақсетте азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериўдиң нәтийжели системасын жаратыў бойынша Шөлкем шеңберинде көп тәреплеме келисим қабыл етиў, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азық-аўқат ҳәм аўыл-хожалығы шөлкеми менен кең көлемли шерикликти орнатыў, Түркий агрофорумды турақлы өткерип барыў ҳәм оның екинши әнжуманында «ақыллы» аўыл хожалығы халықаралық көргизбесин шөлкемлестириў керек.

Президентимиз жас әўладты ҳәр тәреплеме хошаметлеў, олардың талант ҳәм қәбилетлерин жүзеге шығарыў мақсетинде баслаған ийгиликли жумыслар избе-из даўам еттирилетуғынын атап өтти.

Келеси жылы елимизде Түркий дүнья жасларының илим ҳәм инновациялар халықаралық конгрессин өткериў усыныс етилди. Оның шеңберинде инновация ҳәм билимлендириў  министрлери, жоқары оқыў орынларының ректорлары ҳәм жас жетекшилер, қәбилетли ул-қызларымыз, Шөлкемимиз ақсақалларының кең көлемли ушырасыўларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

– Бул жумысларымызды системалы ен жайдырыў ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеў мақсетинде Шөлкем Бас хаткериниң Жаслар мәселелери бойынша орынбасары лаўазымын енгизиў жүдә жақсы болар еди,-деп усыныс билдирди мәмлекетимиз жетекшиси.

Және бир әҳмийетли бағдар – регионымызда қәўипсизликти исенимли тәмийинлеў. Терроризм, экстремизм, жаслардың радикалласыўы, адам саўдасы, наркотрафикке қарсы гүресиў, жәмийетлик ҳәм кибер-қәўипсизликти тәмийинлеў тараўларында ҳуқық қорғаў ҳәм арнаўлы хызметлеримиз турақлы байланыста болыўы ҳәм бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

– Итибарыңызды және бир мәрте әҳмийетли мәселеге қаратпақшыман. Ҳәзирги күнде жан қоңсымыз Аўғанстандағы қыйын жағдай ҳәммемизди әлбетте аўыр тәшўишке салады. Бул мәмлекеттеги халықты унамлы тәрепке өзгертиў мәселеси ҳеш қашан итибарымыздан шетте қалмаўы керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бүгин Өзбекстан Түркий мәденият халықаралық шөлкемине толық ағза болды. Келеси жылы болса шөлкемниң 30 жыллығын белгилеў шеңберинде Түркий халықлар мәденияты фестивалы өткериледи.

Жақында елимизде Шөлкемге ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер әдебиятының сайланды үлгилеринен ибарат 100 томлық «Түркий әдебият дүрданалары» топламы өзбек тилинде басып шығарылды.

– Бул бийбаҳа руўхый ғәзийнени барлық ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлердиң тиллеринде де басып шығарсақ, туўысқан еллеримизди, бәринен бурын, жас әўладларымызды өз-ара жақынластырыў ушын беккем тийкар жаратқан болар едик,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан Президенти Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң жумысын жаңа сапа басқышына көтериў, оның абырайын және де арттырыў ҳәм бирге ислесиў имканиятын толық пайдаланыў мақсетинде бул структурада институционаллық реформалар өткериўди усыныс етти.

Тийкарғы бағдарлар болған сиясат ҳәм қәўипсизлик, саўда ҳәм инвестиция, транспорт, аўыл хожалығы, энергетика, мәлимлеме технологиялары, туризм, инновация ҳәм билимлендириў, медицина, жаслар ҳәм басқа да тараўлар бойынша министрлер дәрежесинде өз алдына комитетлер дүзиў усынысы билдирилди.

– Олардың жумысына эксперт ҳәм илимпазларды, жәмийетшилик ҳәм жеке меншик сектор ўәкиллериниң жедел тартылыўы үлкен нәтийже берери сөзсиз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Буннан тысқары, Секретариаттың орны ҳәм тәсирин арттырыў ушын келеси саммитте оның жаңа структурасын тастыйықлаў, мәмлекет басшылары тәрепинен қабыл етилип атырған барлық қарар ҳәм ҳүжжетлердиң қатаң қадағалаў системасын күшейтиўге шөлкемниң Ақсақаллар кеңесин тартыў бойынша басламалар алға қойылды.

– Түркий дүньямыздың ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы тарийхы, уллы ата-бабалары ҳәм бийбаҳа байлықлары бар. Ҳәм мен исенемен, түркий дүньяны уллы келешек күтпекте. Бул келешекти, сөзсиз, мийнеткеш, кеңпейил ҳәм уллы мәртебели халықларымыз бенен биргеликте жаратамыз. Әййемги Самарқанд қаласындағы саммитимиз болса түркий дүнья цивилизациясының заманагөй тарийхында жаңа раўажланыў басқышын баслап береди,-деди Өзбекстан Президенти сөзиниң жуўмағында.

Мәжилис нәтийжелери бойынша Шөлкем шеңбериндеги көп тәреплеме бирге ислесиўди және де кеңейтиўге қаратылған Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитиниң Самарқанд декларациясы қабыл етилди.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми Бас хаткери лаўазымына Кубанишбек Омуралиевтиң кандидатурасы тастыйықланды.

Шавкат Мирзиёевтиң усынысына бола, Шөлкем шеңберинде 2023-жыл Түркий цивилизацияның жоқарылаў жылы, деп аталды.

Түркия Республикасының Түркий мәмлекетлер шөлкемине кейинги бир жылдағы басшылығы жуўмағына жетти ҳәм бул ўазыйпа Өзбекстан Республикасына өтти.

Қазақстан тәрепиниң усынысына бола, Шөлкемниң гезектеги саммити 2023-жылы Қазақстанда өткериледи.

Түркий мәмлекетлер шөлкеми мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилиси жуўмақланғаннан соң, шөлкем тәрепинен шөлкемлестирилген сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәжилис жуўмақларына қысқаша тоқтап өтип, онда жүдә әҳмийетли қарарлар менен келисимлерге ерисилгенин атап өтти.

Мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм шерикликти беккемлеўде Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған ҳәм Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың айрықша үлеси бар екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен оларды «Түркий дүньяның Жоқары ордени» менен сыйлықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Режеп Таййип Эрдоған ҳәм Гурбангули Бердиуҳамедовқа бул сыйлықларды Президент Шавкат Мирзиёев тапсырды.


Ҳәммемизге белгили, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық сыйлық шөлкемлестирилген. Оның биринши ийеси түркий дүнья бирлигине үлес қосқан уллы жазыўшы ҳәм жәмийетлик ғайраткер, уллы гуманист Чингиз Айтматов болды.

Бул сыйлық Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровқа тапсырылды.

Режеп Таййип Эрдоған, Гурбангули Бердимуҳамедов ҳәм Садир Жапаров сыйлықлар ушын миннетдаршылық билдирип, Самарқанд саммитиниң жүдә нәтийжели, халықларымыз ушын пайдалы болғанын атап өтти.

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Самарқанд саммити шеңберинде және бир ийгиликли иске қол урылды – барлық қатнасыўшы мәмлекетлерде терек егиў мәресими болды.

Шөлкемде бүгинги күнниң ең әҳмийетли машқаласы болған экология мәселерине айрықша әҳмийет қаратылып, тәбиятты сақлаў бойынша әмелий илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, Өзбекстанда Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен «Жасыл мәкан» бағдарламасы әмелге асырылмақта. Бундай жойбарлар Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Түркменстан ҳәм Венрияда да бар.

Самарқанд бул ийгиликли ҳәрекетлерди бирлестирди. Саммиттиң тийкарғы илажларынан кейин, түркий мәмлекетлер жетекшилери Регистон майданына келди.

– Көплеген тарийхый ўақыяларға гүўа болған саўлатлы Регистон майданында турып, түркий дүнья цивилизациясының жаңа басқышына рәмзий мәниде қәдем қоймақтамыз. Уллы ата-бабаларымызға тән болған әзелий дәстүрлерди даўам еттирген ҳалда, және бир ийгиликли басламаны басламақтамыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Терек егиў миллетлеримиз қәдирияты, бүгинги бир мақсеттеги умтылыслар тымсалы екени атап өтилди.

Бул жумыслардың барлығы түркий халықлардың улыўмалық раўажланыўы ҳәм абаданлығына бирдей умтылысларымыздың айқын тымсалы, десек, қәте болмайды. Биз бүгин түркий дүньяның ҳүрметли жетекшилериниң бул уллы жерге өз қоллары менен нәл егип атырғанларын жоқары қәдирлеймиз. Бул нәллер – өмир тереклери, дослық ҳәм өз-ара исеним, руўхыйлық ҳәм келешек бағлары болып бой тиклейди,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Буннан соң, Өзбекстан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия, Түркменстан ҳәм Венгрия жетекшилери комплекс бағына нәллер екти.

Мәресим усы мәмлекетлердиң пайтахтлары ҳәм мәмлекетимиз аймақларнда видеобайланыс арқалы көрсетилди. Ол жерлерде де мыңлаған нәллер егилди. Сол тәризде, терекликлерди көбейтиў ҳәрекети халықаралық әҳмийетке ийе болды.

Түркий мәмлекетлер жетекшилери Регистон майданында биргеликте сүўретке түсти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитине келген Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен ушырасыў өткерди.

Ушырасыўда бүгин болып өткен көп тәреплеме мәжилистиң тийкарғы нәтийжелери бойынша пикир алысылды.

Жақында Ашхабад қаласына болған жоқары дәрежедеги сапарда, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиў бағдарында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Усының менен Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Самарқанд саммити жуўмақланды. Онда додаланған мәселелер ҳәм қабыл етилген қарарлар Шөлкемге ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер арасындағы байланысларды жаңа басқышта даўам еттириў, турақлы экономикалық раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет ететуғыны сөзсиз.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары