ӨзАда хабар берилип атырғанындай, әййемги Самарқандта даўам етип атырған Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммити ағза мәмлекетлер басшылары тәрепинен алға қойылып атырған усыныслар менен басламаларға бай болып өтпекте.
Соның ишинде, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев ҳәзирги күнде Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң роли сезилерли дәрежеде артқанын атап өтти. Ол сондай-ақ, бир қатар усыныслар берди:
– Қазақстан түркий дүнья ата-бабаларының дияры, соның ушын да биз ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар беремиз. Байланысларымызды және де беккемлеў ҳәм оны жаңа басқышқа алып шығыўдан мәпдармыз.
«Astana Hub» халықаралық технопарки тийкарында структураның Санластырыў орайын шөлкемлестириўди усыныс етемен. Бул структура саўда, транспорт, суў ресурсларынан пайдаланыў, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм басқа да әҳмийетли тармақлар ушын жүдә зәрүр болған санлы шешимлерди ислеп шығыў имканиятын береди.
Бул басламаны нәтийжели әмелге асырыў ушын әҳмийетли стартап жойбарларға инвестиция тартатуғын Түркий мәмлекетлердиң венчур фондын да шөлкемлестириў усынысын алға қоймақшыман.
Сондай-ақ, Түркий тиллер университетлери аўқамының қәўендерлигинде өткерилетуғын II Түркий универсиада 2023-жылы Қазақстанда өткерилиўи режелестирилмекте.
ӨзА хабаршысы
Беҳруз Худойбердиев жазып алды