Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 22-август күни исбилерменлер менен өткерилген ашық форматтағы сөйлесиўи шеңберинде белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, финанслық, салық ҳәм статистикалық есабат түрлерин қысқартыў, ҳүжжетлерди сақлаў ҳәм мәмлекетлик уйымларға тапсырыў әмелиятын заманагөй талаплар тийкарында жетилистириў мақсетинде:

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

юридикалық тәреплер беттен 2022-жыл 1-январьдан кейин есапланған физикалық тәреплердиң мийнет ҳақысы ҳәм басқа да дәраматлары және олар бойынша есапланған салық суммалары ҳаққындағы архив ҳүжжетлерин сақлаў ҳәм мәмлекетлик ямаса мәмлекетлик емес архивлерге тапсырыў миннетлемеси бийкар етиледи;

юридикалық тәреплер 2022-жыл 1-январьдан баслап  мәмлекетлик салық хызмети ҳәм статистикалық уйымларға электрон тәризде тапсырылған финанслық, салық ҳәм статистикалық есабатларды, сондай-ақ, салық уйымларының автоматластырылған мәлимлеме системалары арқалы электрон түрде рәсмийлестирилген ҳүжжетлерди сақлаў және мәмлекетлик ямаса мәмлекетлик емес архивлерге тапсырыў миннетлемесинен азат етиледи;

2023-жыл 1-январьдан баслап бухгалтериялық есап субъектлери тәрепинен финанслық есабатларды салық ҳәм статистика уйымларына ҳәр шеректе усыныў талабы бийкар етиледи;

2023-жылдан баслап айланыстан алынатуғын салықты қатаң белгиленген салық ставкасы бойынша төлейтуғын исбилерменлик субъектлери жыллық қаржы есабатларын салық уйымларына тапсырыў миннетлемесинен азат етиледи.

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап 1-қосымшаға муўапық статистикалық есабат түрлери бийкар етилсин.

Мәмлекетлик статистика комитети:

усы бәнтке тийкарланып бийкарланып атырған статистикалық есабат түрлеринде нәзерде тутылған статистикалық мағлыўматлардың статистикалық бағдарламаларға муўапық тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың административлик мағлыўматлары тийкарында қәлиплестирилиўин тәмийнинлесин;

еки ай мүддетте барлық түрдеги статистикалық есабатлардың мақсетке муўапықлығы, оларды жеңиллетиў ҳәм тапсырыў мүддетлерин қайта көрип шығыў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.

  1. Қаржы министрлиги еки ай мүддетте исбилерменлик субъектлерине тийисли товар-материаллық резервлер ҳәм пул қәрежетлери және жумыс бериўшиниң хызметкерлер менен байланыслы болған ишки хожалық операциялары бойынша техникалық қураллар және мәлимлеме системалары жәрдеминде қатнасыўшыларды идентификациялаўды тәмийинлей отырып, дүзилген есап ҳүжжетлери электрон тәризде жүргизилиўи ушын зәрүр шараятларды жаратсын.
  2. 2023-жыл 1-майдан баслап төмендегилерге:

коммерциялық банклерге арза бериўшини аралықтан турып идентификациялаў ушын зәрүр шараятлар болғанда, шөлкемлестириўшилери Өзбекстан Республикасы резидентлери болған юридикалық тәреплер және жеке тәртиптеги исбилерменлерге банк есап бетин аралықтан турып ашыўға;

юридикалық тәреплерге электр энергиясы,тәбийғый газ, ыссы суў, ишимлик суўы тәмийнаты, ақаба суў ҳәм телекоммуникация хызметлерин көрсетиў бойынша шәртнамаларды, оларды тутыныў ҳаққындағы бир мәртелик ҳәм периодлық ҳүжжетлерди электрон тәризде рәсмийлестириўге рухсат етилсин.

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик емес архивлерди мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес архивлер реестрине киргизиў және ҳүжжетлерди электрон архивлеў (сақлаў) хызметлерин көрсетиўши мәмлекетлик емес архивлердиң мағлыўматлар жеткерип бериў тармақлары хызметлерин көрсетиў ушын лицензия алыў талабы хабардар етиў тәртибин енгизиў арқалы бийкар етилсин.
  2. Есабат бериў ҳәм архив ҳүжжетлерин сақлаў тәртип-қағыйдаларын оптималластырыў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. «Өзархив» агентлиги:

Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы жанындағы «Мәлимлеме технологиялары ҳәм мәлимлеме ресурсларын раўажландырыў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2024-жыл 1-январьға шекем «Архив» мәлимлеме системасын тийисли министрлик ҳәм уйымлардың мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базалары менен белгиленген тәртипте  интеграциялай отырып, исбилерменлик субъектлериниң программалық тәмийнат жәрдеминде жәмленген ҳүжжетлерин электрон көринисте қабыл етиў, сақлаў және сораўға бола усыныў әмелиятын жолға қойсын;

усы қарардың 1-бәнтине тийкарланып мәмлекетлик архивке тапсырыў бийкар етилип атырған архив ҳүжжетлериниң мәмлекетлик салық хызмети ҳәм статистика уйымлары мағлыўматлары тийкарында қәлиплестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик статистика комитети, «Өзархив» агентлиги мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А. Ишметов, Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Ш.Д.Қудбиев ҳәм Исбилерменлик субъектлердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Д.С.Касимов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқаровқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти      Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2022-жыл 10-ноябрь