«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасының қәўендерлигинде үш хызметкердиң анасы Умра зыяратына жибериледи.
Елимизде диний-ағартыўшылық тараўында да кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда мөмин-мусылманлардың өзлериниң ибадатларын, диний мәресимлерин емин-еркин орынлап, ҳәр жылы мыңлаған жерлеслеримиз Ҳаж ҳәм Умра ибадатларына қатнасып келмекте. Президентимиздиң басламасы менен зыяратларға баратуғын пуқараларымызға жетерли шараятлар жаратыў, сапалы хызмет көрсетиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Кәрхана басшылығы тәрепинен кәсиплик аўқамлары менен биргеликте хызметкерлдердиң ата-аналарының зыяратты әмелге асырыўына қәўендерлик етиў бойынша қайырлы басламаға қол урылды. Ҳәзирги ўақытта зыяратқа баратуғын аналардың барыў келиўине байланыслы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў жумыслары алып барылмақта.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.