Конгресстиң төменги палатасына сайлаўларда республикашылар демократлардан азғана парық пенен жетекшилик етпекте
8-ноябрь күни АҚШ Когрессиниң төменги палатасы – Ўәкиллер палатасындағы 435 орынға сайлаўлар болып өтти. Изертлеўшилердиң болжаўларына бола, республикашылар орынлардың дерлик көпшилигин қолға киргизиў имканиятына ийе болған. Бирақ, 9-ноябрь күни азанғы жеңиске болған үмитлер әмелге аспады, делинеди “Associated Press” хабарында. Керисинше, демократлар тек ғана республикашылар үмитленип атырған бир қатар сайлаў округлерин сақлап қалыўға емес, ал базыларын қарсыласлардан алып таслаўға да ерискен.
Ҳәзирги ўақытта республикашылар жетекшилик етпекте, бирақ күтилгениндей исенимли емес. “Associated Press”тиң дәслепки есап-санақларына қарағанда, Ўәкиллер палатасында демократлар еле де 172 орынға ийе, республикашылар болса 199 орынға ийе. Басқа ҒҚХның есап-санақлары бир-биринен парқ қылады: «Reuters»те 173ке 199, «CNN» 178.
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги